Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында еслеў кешеси өткерилди.  Педагогика илимлерин изертлеўде терең из қалдырған тунғыш алымларымыз Жүмек ҳәм Нағмет Урумбаевлардың өмир жолы ҳәм дөретиўшилик хызметлери ҳаққында мийнет ветераны  Қәллибек Камалов,   «Нураный» қорының республикалық бөлими баслығы Шарап Уснатдинов, университет ректоры А.Реймов, профессор Мақсет Тлеўмуратов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановлар толқынланып еске алды. Ҳақыйқатында да, Ж.Урумбаев қарақалпақ тәлим-тәрбиясында жаңа педагогикалық системаны жаратып берди. Бул система өзинен соңғы педагогика илимин изертлеген  алымлар ушын дидактикалық өлшеў тасы  критериясы болды. Ол белгили устаз сыпатында көплеген шәкиртлер таярлады. Ж.Урумбаев бир неше орден ҳәм медаллар менен сыйлықланды,  «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети синген илим ғайраткери» ҳүрметли атағын алыўға миясар болды.

Н.Урумбаев ел-журт  алдындағы хызметлери ушын мәмлекет тәрепинен сыйлықланды. Оған екинши дүнья жүзлик урыс қатнасыўшысы болғанлықтан  бир қанша орден ҳәм медаллар, бурынғы Аўқам ҳәм Өзбекстан  Республикасы тәрепинен халық тәлим ағласы атағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары, «Мийнет ветераны» белгиси, «Қарақалпақстанға мийнети синген илим ғайраткери» ҳүрметли  атақлары  берилди.

 

З.Абубакирова,  Н.Жамалов,

ҚМУ журналистика қанигелиги 4-курс студентлери