ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турмановтың басшылығында аппарат хызметкерлери, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилеринен дүзилген топар «Ҳармаң пахтакеш – 2018» сүрени менен Хожели районындағы «Каушата» фермер хожалығының пахта атызларына барды ҳәм еки күн даўамында пахта терди.

Миллий байлығымыздың бири болған пахтаны заяламай терип алыўда партия белсендилери өзлериниң белгили дәрежедеги үлесин қосып, олардың ҳәр бири орташа 60-70 килограммнан пахта терди.

Сондай-ақ, партия басшылары усы күнлери пахта жыйын-терими мапазында аўыл теримшилерине ҳармасын айтып, ақ алтынды терип алыўда алдыңғы көрсеткишлерге ерисип киятырған 15 теримшиге партия тәрепинен таярланған «Алғыснама»ларды ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

– Теримниң басланыўынан берли ҳәр күни 100 килограммнан аслам пахта терип киятырман,-дейди «Каушата» фермер хожалығының теримшиси Г.Тилеўова. – Үйимде перзент тәрбиясы менен көп ўақыттан берли жумыссыз едим. Пахта териў мапазында мийнетиме жараса пул таўып, хожалығымның мүтәжине жумсап атырман. ӨзЛиДеП басшылары бизлердиң жумысларымызды есапқа алып, хошаметлендик. Буннан миннетдармыз.

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси алдағы ўақытлары да усындай илажларды даўам етиўди режелестирмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.