Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси  Цзянь Янь ханым өмирлик жолдасы менен республикамызға келди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде елшини қабыллаў мәресими болды. Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды үлкемиздиң географиялық жайласыўы, халқы, ҳәкимшилик басқарыў дүзилиси, миллий байлықлары менен жақыннан таныстырды.

Өз гезегинде Цзянь Янь ханым жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Бүгинги күни Арал теңизиниң қурып кетиўи тек усы регионның ғана емес, пүткил дүнья жәмийетшилигиниң орталық машқаласына айланбақта. Аймақта жүзеге келген экологиялық машқалаларды сапластырыў, бул жерде жасаўшы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Беруний районында шөлге шыдамлы пахта ҳәм басқа да дақыллар егилип, тәжирийбеде сынап көрилмекте. Егерде тәжирийбе унамлы нәтийже берсе, бул бағдардағы жумыслар еле де даўам етеди. Соның менен бирге, басқа тараўларда да бирге ислесиў перспективалары үйренип шығылатуғынлығын билдирди.

Буннан кейин мийманлар Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасының республикамыздағы офисинде болып, «Арал регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик қорын шөлкемлестириў арқалы Арал теңизи апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Бул жойбардың мақсети, республикамыздың Шоманай, Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районлары халқының турмыс шараятын жақсылаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, район турғынларына көрсетилип атырған ҳәр қандай хызметтиң сапасын арттырыўдан ибарат.

Күнниң екинши ярымында елши Әмиўдәрья районында болып, «Жойбар аймақларының суў менен тәмийинлениў дәрежесин көтериў ушын Әмиўдәрья ҳәм каналларды тазалайтуғын үскенелерди сатып алыў» жойбары шеңберинде алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Республикамызға сапары даўамында мийманлар Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими жанында БМШның «Арал апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараятын жақсылаў» Раўажландырыў Бағдарламасы щеңберинде ЮНЕСКОның қоллап-қуўатлаўында шөлкемлестирилген миллий өнерментшиликти раўажландырыў орайында, И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде, пайтахтымыздың басқа да дыққатқа ылайық орынларында болады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери