Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 20-сентябрь күни өткерилген мәжилис баянламасында жаслар арасында саламат турмыс тәризин кең түрде үгит-нәсиятлаўға қаратылған тәжирийбе-сынаў жойбарын Қарақалпақстан Республикасында үлги түринде шөлкемлестириў белгиленген еди.
2018-жыл 23-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде өткерилген мәжилисте, баянламада көрсетилген тапсырмаларды орынлаў мәселелери қаралып, республикамызда усы жыл 1-6-октябрь күнлери «Жаслар спорт ҳәптелиги» шеңберинде ғалаба спорт жарысларын шөлкемлестириў белгиленди.
Нөкис қаласындағы Жаслар орайында усы ҳәптеликти шөлкемлескенлик пенен өткериў, жаслар, әсиресе, мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар арасында спорт ҳәм денетәрбияның ғалабалығына ерисиў, бул бойынша әмелге асырылатуғын алдағы жумысларға бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев басқарып барды.
Онда Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоев, Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт ислери бойынша министри Д.Набиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, денетәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў, спорт инфраструктурасын жақсылаў, селекция жумысларын жетилистириў, спортшылар менен тренерлерге зәрүр болған шараятларды жаратып бериў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.
Мәжилисте Нөкис қаласы, Тақыятас, Қоңырат, Тахтакөпир районларында, соңғылығында барлық басқа районларда Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң есабынан, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында футбол ҳәм бадминтон майданларын, спорт майданшаларын қурыў, «Жаслар спорт ҳәптелиги» мүнәсибети менен шөлкемлестирилип атырған спорт илажларына студентлерди, оқыўшыларды, әсиресе, мәҳәллелердеги бәнт болмаған жаслардың қатнасыўын тәмийинлеў, барлық билимлендириў мәкемелери ҳәм мәҳәллелерде ҳәр күни азанғы денетәрбия шынығыўларын өткериў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.
Нөкис қаласында өткерилип атырған спорт ҳәптелигинде ғалаба спорт илажларынан шахмат-шашка, гимнастика (көркем гимнастика), спорт ойынлары (мини футбол, волейбол, стол тенниси, бадминтон, улыўма физикалық шынығыўлар (турникте тартыныў, бруста силкиниў) ҳәм басқа да спорт түрлери Туран стадионында, Амфитеатрда, И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи, Флагшток ҳәм «Бахыт үйи» алдындағы майданларда өткерилмекте. Онда барлық улыўма билим бериў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары ҳәм жоқары билим бериў мәкемелериниң студентлеринен жәми 2000 нан аслам жаслар қатнасады.
Бундай илажлар республикамыздың барлық районларында өткерилмекте.
Мәжилисте әмелге асырылатуғын илажлар бойынша жумысшы топарлар дүзилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.