2-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Россия Илимлер Академиясы Н.Н.Миклухо-Маклай атындағы Этнология ҳәм антропология институты, Қазақстан Республикасы Миллий Илимлер Академиясы илимий изертлеў институтының А.Х.Маргулан атындағы археология институты ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда институт ректоры Байрамбай Отемуратов ҳәм жоқарыда аты көрсетилген шет ел илимий изертлеў институты ўәкили Егор Китов тәрепинен 2018-2023-жылларда илимий бирге ислесиў туўралы шәртнама дүзилди.

Илимий шәртнаманың мақсети Қарақалпақстан Республикасы аймағында археологиялық дала илимий-изертлеў жумысларын бирге алып барыў жумысларының басланыўы менен бирге Өзбекстан Республикасы аймағында оқыў процесинде пайдаланылатуғын илимий-инновациялық ҳәм билимлендириў бойынша проектлерди таярлаў, илимий-әмелий конференциялар, семинарлар ҳәм симпозиумлар өткериў, сондай-ақ, бул шәртнаманың орынланыўы бағдарында ерисилген нәтийжелер бойынша материалларды биргеликте баспадан  шығарыў нәзерде тутылған .

Бул шәртнамада институтта кадр таярлаў тараўына дыққат қаратылып, тарийх пәнлери, археология ҳәм антропология бойынша биргеликте оқыў методикалық әдебиятларды жаратыў, сабақлық, оқыўлық қолланба, монография, илимий изертлеў жумыслары, илимий топламлар ҳәм басқада материалларды баспадан шығарыў жобалары ҳаққында илимий жаңалықларды алмасыўға мүмкиншилик жаратыў, Өзбекстан Республикасында ҳәрекеттеги билимлендириў бағдарламалары, оқыў жобаларына сәйкес келетуғын арнаўлы тарийх пәнлерин оқытыўға алдынғы қәнигелерди тартыў, және де студентлер ҳәм магистранлардың илимий изертлеў жумыслары, питкериў қәнигелик жумысы ҳәм магистрлик диссертацияларына басшылық етиў ислери де нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында институт студентлериниң археологиялық әмелиятын өткериўде шет ел илимий изертлеў институты қәнигелериниң қатнасыўын шөлкемлестириў ҳаққында да сөйлесиўлер алып барылды.

Ушырасыў институттың тарийх-география факультетинде даўам еттирилип, бул жерде археология илиминиң заманагөй машқалалары бойынша оқытыўшылар ҳәм талабалар менен сәўбетлесиў болып өтип, пикир алмасылды.

Ушырасыў жуўмағында археология ҳәм тарийх илиминиң басқа да бағдарлары бойынша биргеликте илимий педагогикалық жумысларды алып барыўға келисилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.