Усы жылдың 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша  мәмлекетлик комитети тәрепинен шөлкемлестирилген «Жәмийетлик экологиялық қадағалаўы инспекторлары менен нәтийжели бирге ислесиў» атамасындағы семинар өткерилди. Онда комитеттиң ҳәм оның районлық бөлимлериниң жуўапкер хызметкерлери, инспекторлар, илимпазлар, экспертлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда бүгинги күнде ғалаба хабар қуралларында, Комитетке пуқаралардан келип атырған көп санлы мүрәжатларда,  социаллық тармақларда бул тараўда көплеген ҳуқықбузарлықлардың, әсиресе, нызамсыз түрде тереклерди кесиў, өндирислик кәрханалар тәрепинен қоршаған орталықтың патасланыўы, белгиленбеген орынларға шығынды таслаў  сыяқлы көплеген жағдайлардың даўам етип атырғаны ,булардың алдин алыўға жәмийетлик қадағалаў институтының ролин  күшейтиў, жәмийетшилик инспекторларының тәжирийбесин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Атап өткениндей, инспекторлар Өзбекстан Республикасының «Экологиялық қадағалаў ҳаққында»ғы Нызам, Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 8-октябрьдеги «Жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўға байланыслы үлги режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен усыныс етиледи.

Инспекторлардың тийкарғы ўазыйпалары – қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талаплары бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм сапластырыў, қоршаған орталықтың ҳалатын бақлап барыў, оның патасланыўын ҳәм олардан мақсетке муўапық   пайдаланбаў нәтийжесинде пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырыўы мүмкин болған жағдайларды анықлаўдан ибарат.

 

З.Абубакирова,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, журналистика тәлим бағдары студенти.