Усы жыл 30-сентябрь күни халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң гезексиз қырқ бесинши сесесиясы болып өтти.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Бурын Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы болып ислеп келген Женгис Маратович Ермашев Хожели районының ҳәкими етип тастыйықланды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.