Қарақалпақ мәмлекетлик университети химиялық технология факультетиниң 4-курс студенти Саламатдин Пирниязов ҳәм программист Наўрыз Нөкисбаевлардың басламасы менен Қарақалпақстанда биринши мәрте Интернет тармағы арқалы китап ҳәм кеңсе буйымларын сатып алатуғын тармақ жаратылды. Бул ҳаққында Саламатдин Пирниязов бизге хабар берди.

Бул тармақ aladinmarket.uz мәнзилинде жумыс баслады. Тармақта абитуриент ҳәм мектеп оқыўшыларына арналған ҳәм қарақалпақ, өзбек және рус тиллериндеги 400 ге шамалас китаплар, сондай-ақ, 300 ге шамалас түрдеги кеңсе буйымлары жайластырылған.

– Биз пайдаланыўшылардың пикир ҳәм усынысларын есапқа алып усы тармақты жараттық. Пайдаланыўшылар тармаққа кирип, өзине унаған китап ямаса кеңсе буйымларына буйыртпа бериўи мүмкин. Олардың баҳалары да көрсетилген. Және бир қолайлық сыпатында, биз буйыртпа берилген китап ямаса кеңсе буйымларын 5000 сум есесине пайдаланыўшылардың үйине алып барып беремиз, – дейди Саламатдин Пирниязов.

Сәўбетлесимиздиң айтыўына қарағанда, тармақ фонды еле де толықтырылып барылады.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, бул тармақ Қарақалпақстандағы китап ҳәм кеңсе буйымларын Интернет тармағы арқалы сатып алыў мүмкин болған дәслепки тармақ болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.