Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында Ш.Перроның «Қызыл қалпақша» ертек спектакли дәслепки мәрте рус тилинде сахнаға қойылды.

 

Сондай-ақ, бул спектакль Г.Далиеваның режиссёрлық жумысының басламасы (дебюты) болып, тамашагөйлерде ертекке түсип қалғандай сезимлерди пайда етиў ушын художниклер Т.Шардеметов, М.Байгелдиев ҳәм композитор К.Зәретдиновлар ҳәр тәреплеме мийнет еткен.

Спектакль тийкарынан келешегимиз болған балаларды өзинен үлкенлерди ҳүрмет етиўге, әдеп-икрамлы, ҳайўанларға меҳирли болыўға, ақ пенен қараны айырып, басқаларды жақсылыққа жетелеўге үйретеди.

 

Ертектиң бас қаҳарманы кишкене сары шашлы, мийнеткеш қыз болып, оған анасы саўға еткен қызыл қалпақты ҳәмме ўақыт кийип жүреди. Сол ушын ҳәмме оны Қызыл қалпақша деп атайтуғын болады. Ол бир күни кемпир апасының жағдайынан хабар алыўға барғанда кемпир апасының орнында жатырған қасқырды танымағаны себепли жыртқыштың ораўында қалады. Ертектиң жуўмағында Клос ҳәм Ганстың жәрдеми менен қыз еркинликке шығады ҳәм ертек жақсылық пенен жуўмақланады.

 

 М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.