29-сентябрь күни Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл      4-июльдеги «Мәмлекетлик уйымлар жанында жәмийетлик кеңеслердиң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық бул мәкеме жанында Жәмийетлик кеңес дүзиўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидов, министрлик жанындағы Жәмийетлик кеңес ағзалары, министрликтиң басқарма ҳәм бөлим басшылары қатнасты.

Мәжилисте Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңес баслығы ҳәм ағзаларының дизими Реже тийкарында қәлиплестирилди.

Реже бойынша, кеңес өз жумысын жәмийетлик тийкарда алып барады ҳәм турақлы жумыс алып баратуғын мәсләҳәт кеңес уйымы болып есапланады. Жәмийетлик кеңес министрлик аппараты жанында шөлкемлестириледи ҳәм оның жумысы министрлик қарамағындағы барлық жоқары билимлендириў мәкемелери, орай ҳәм шөлкемлерге байланыслы болады.

Жәмийетлик кеңес қурамының баслығы, баслық орынбасары, хаткери ҳәм ағзаларынан ибарат болған, Кеңестиң қарарлары усыныс етиў характерине ийе есапланады.

Қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде жоқары билимлендириў системасының қатнасыўшыларының мәплерин қорғаўда, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң ҳуқықларын қорғаўда, тараўға байланыслы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў, социаллық шериклик шеңберинде әмелге асырылатуғын келисимлер, шәртнамалар, жойбарлар ҳәм бағдарламаларды жүзеге шығарыўда министрлик ҳәм оның лаўазымлы шахсларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў Жәмийетлик кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Мәжилисте Ш.Қўдратхўжаев, М.Жалолов, У.Шарифхўжаев сыяқлы қәнигелер кеңестиң жумысын нәтийжели жолға қойыў өз пикир-усынысларын билдирди. Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Жәмийетлик кеңес ағзалары жақын күнлерде аймақларға шығып, системадағы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелий ҳәрекетлерди баслаўға келисип алынды.

Мәжилисте Жәмийетлик кеңес ағзалары тәрепинен даўыс бериў жолы менен Муҳаммаджон Қуронов – баслық, Комилжон Каримов (Ташкент халықаралық Вестминстер университетиниң ректоры) – баслық орынбасары, Фарҳад Бабашев (Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Мәлимлеме хызметиниң басшысы) – хаткер етип сайланды.

 

ӨзА