Пайтахтымызда «Жас фермер-2017» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Фермерлер кеңеси, Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген дәстүрий илаждың ашылыў салтанатында атап өтилгенидей, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти, фермерлик ҳәрекетин раўажландырыўға, елимиздиң жалпы ишки өниминдеги олардың үлесин жылдан-жылға арттырыўға, соның ишинде жас фермерлерди қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күни аўылларымызда жетекши күшке айланып баратырған фермерлик ҳәрекетиниң раўажланыўы нәтийжесинде халқымыздың турмыс дәрежеси жақсыланып, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлеми кеңейип бармақта. Жақында Өзбекистан Фермерлер кеңесиниң Өзбекистан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм мөлдек жер ийелери кеңеси болып қайта дүзилиўи тараўдың келешегине қаратылып атырған айрықша итибар болып табылады. Ендигиден былай кеңес тек фермерлерлердиң ғана емес, соның менен бирге дийқан хожалықлары менен мөлдек жер ийелериниң мәплерин қорғайды.
Таңлаў шеңберинде қәнигелер тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти турақлы раўажландырыўда дийқан хожалықларына тийкарланған шаңарақлық бизнести шөлкемлестириў, бунда қамсызландырыў базарының әҳмийети және абзаллықларына кең түрде тоқтап өтилди. Соның менен бирге, банк мәкемелериниң орны, кредит қаржыларын алыў жоллары, гиреў түрлери ҳәм оның ҳүжжетлерин рәсмийлестириў тәртиби бойынша түсиник берилди.
Илажда төрешилер қурамының ағзалары жас фермерлер тәрепинен жетистирилген овощ, палыз және мийўе өнимлериниң көргизбеси менен жақыннан танысты. Соң таңлаў қатнасыўшылары өзи басқарып атырған фермер хожалығының социаллық-экономикалық нәтийжелери, жаңа жумыс орынларын жаратыў, тараўға кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин тартыў, аймақта социаллық инфраструктураны раўажландырыў, ушырасып атырған ҳәр қандай машқаланы шешиў бойынша жойбарын усынды. Сондай-ақ, фермерликти басқарыў, бухгалтериялық есабы, техникалық базасы, ҳуқықый ўәкилликлери, электронластырыў, үй хызметин раўажландырыў ҳәм басқа да темалардағы сораўларға жуўап берди. Соңғы шәртте өзиниң социаллық-экономикалық және ҳуқықый билим дәрежесин көрсетти.
Таңлаў жуўмағында Қараөзек районындағы «Даўыл-көл» фермер хожалығының баслығы Аралбай Жолдасов биринши, Қанлыкөл районындағы «Әбиў-Өтеп» фермер хожалығының баслығы Рустем Сейдуллаев екинши, Қараөзек районындағы «Гүлистан» фермер хожалығының баслығы Назлымхан Абдижаппарова үшинши орынларды ийеледи ҳәм келеси басқышқа жоллама алды.
Қатнасыўшылар ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.