Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-20-сентябрь күнлери Америка Қурама Штатларында болды.

Президент Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни БМШтың Нью-Йорк қаласындағы бас резиденцияда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасты.

Шавкат Мирзиёев Антониу Гутерришке БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдиң «жол картасы» болған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Президентимиз Стратегия шеңберинде даўам еттирилип атырған кең көлемли жаңаланыўлар ҳаққында айтып берди. Соның ишинде, бас мақсети «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек», деген идеяны турмысқа енгизиўден ибарат Ҳәкимшилик реформалардың концепциясы тастыйықланды. Валюта сиясатының либералластырылыўы әмелде тәмийинленбекте.

Шавкат Мирзиёев Антониу Гутерриш пенен елимиз ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары, регионаллық мәселелер бойынша пикир алысты. «Орайлық Азия регионы – сыртқы сиясатымыздың тийкарғы бас бағдары», деп айрықша атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекистан Президенти БМШ Бас хаткерин 2017-жыл 10-11-ноябрь күнлери Самарқанд қаласында өткериў режелестирилген Орайлық Азияда қәўипсизликтиң ҳәм турақлы раўажланыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша халықаралық әнжуманда қатнасыўға мирәт етти.

Антониу Гутерриш быйылғы жылдың июнь айында Өзбекистанға сапар етиўи ўақтында көрсетилген миймандослық ҳәм шын жүректен қабыл еткени ушын Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди. Самарқандта болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмақларын жоқары баҳалады. 2017-2020-жылларда БМШ, соның ишинде, Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссар басқармасы менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режесиниң қабыл етилгенине айрықша итибар қаратылды.

БМШ Бас хаткери Өзбекистан Президентиниң Бас Ассамблеясының 72-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи оғада мазмунлы болғанын атап өтти. Антониу Гутерриштиң пикирине бола, мәмлекетимиз басшысы БМШтың жоқары минберинен турып билдирген басламалар үлкен әҳмийетке ийе ҳәм ол өз ўақытында алға қойылды. Бас хаткер усы басламаларды халықаралық майданда көлденең қойыўға көмеклесиўге таяр екенин атап өтти.

Бас хаткер Өзбекистанда Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған елимиздиң раўажланыўы менен халқымыздың абаданлығын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе өзгерислерди қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлады.

БМШ басшысы елимиз тәрепинен регионалық бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге, сондай-ақ, Аўғанстанды қайта тиклеўге көмеклесиў бойынша көрилип атырған анық илажларды жоқары баҳалады.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суў ресурсларынан пайдаланыў ҳаққындағы қонвенцияны алға қойды, Арал теңизине байланыслы экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыўға халықаралық жәмийетшиликтиң дыққат-итибарын қаратыў ушын барлық имканиятларды иске қосатуғынын билдирди.

Ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында Болгария Республикасы Президенти Румен Радаев пенен ушырасты.

Быйыл Өзбекистан Республикасы менен Болгария Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлардың орнатылғанына 25 жыл болды. Еки мәмлекет басшылары 13-сентябрь күни усы сәне мүнәсибети менен бир-бирин қутлықлады.

Жоқары дәрежедеги усы ушырасыўда Өзбекистан – Болгария қатнасықларының бүгинги жағдайы менен перспективалары додаланды. Еллеримиздиң бирге ислесиўинде жаңа бет ашыў зәрүрлиги, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы байланыслар өз-ара пайдалы екени атап өтилди. Регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша еллеримиздиң қатнаслары жақын екени еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўға тийкар болады.

Болгария Өзбекистанның Европадағы исенимли шериклеринен бири. Елимизде Болгария инвестицияларының қатнасыўында дүзилген 14 кәрхана жумыс алып бармақта. 2016-жылы өз-ара товар алмасыўдың көлеми 23 миллион долларды қураған. Ушырасыўда бул көрсеткиш бар имканиятларға сәйкес келмейтуғыны, ҳәр еки тәреп бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен экономикалық потенциалға ийе екени атап өтилди.

Өзбекистан Болгария базарына химия, электр техникасын, тоқымашылық ҳәм кабель өнимлерин, қурылыс материалларын, төгинлер, мийўе-овощ жеткерип бериўи мүмкин. Фармацевтика, косметика, электр техникасы, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў салаларында биргеликте кәрханалар шөлкемлестириў имканиятлары бар.

Сондай-ақ, транспорт-коммуникация, туризм, билимлендириў, мәденият салаларында да өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўде усы салаларда анық жойбарлар ислеп шығыў мақсетинде ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилисин өткериўге келисип алынды.

Румен Радев Болгария Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимиздиң экономикасын раўажландырыўға қаратылған реформаларды, Орайлық Азияда мәмлекетлераралық пикирлесиўди беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған ис-ҳәрекетлерди қәдирлейтуғынын атап өтти.

Президентимиз Болгария Президентин өзи ушын қолайлы болған ўақытта Өзбекистанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

Ушырасыў дослық ҳәм әмелий руўхта болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Грузия Бас министри Георгий Квирикашвилиди қабыл етти.

Грузия Өзбекистанның Кавказ регионындағы тийкарғы шериги болып табылады. Еллеримиз арасында саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық салалардағы байланыслар избе-из раўажланбақта. Быйылғы жылдың өткен 8 айында өз-ара товар алмасыўдың көлеми 20 проценттен асқан.

Ушырасыўда  товар алмасыўдың көлемин буннан былай да арттырыў ҳәм оның номенклатурасын кеңейтиў, саўда-санаат палаталары арасындағы байланысларды жеделлестириў, саўда үйлерин шөлкемлестириў ҳәм биргеликте көргизбелер өткериў мәселелери додаланды.

Өзбекистан Грузияға автомобильлерди, тоқымашылық ҳәм электр техникасы өнимлерин экспорт етиўден, Грузия жоллары арқалы дүнья базарына шығыўдан мәпдар. Грузия елимизден мийўе-овощларды сатып алыўы, вино ислеп шығарыў саласында биргеликте кәрханалар шөлкемлестириўи мүмкин.

Халықаларымыздың арасында дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет жақсы жолға қойылған. Өзбекистанда грузин миллетине тән пуқараларымыз елимиз турмысында белсене қатнаспақта. Бул мәдений-гуманитарлық байланыслардың раўажланыўына беккем тийкар болмақта. Быйылғы жылдың май айында елимизде Грузин мәденияты ҳәм киносы күнлери табыслы болып өтти.

Шавкат Мирзиёев пенен Георгий Квирикашвили ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўди барлық бағдарларда буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен потенциалдың бар екени, бул еллеримиз бенен халықларымыздың мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти.

Ушырасыўда тәреплерди қызықтырған  регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерге де итибар қаратылды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Жәҳән банки Президети Жим Ёнг Ким менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы Жәҳән банки Өзбекистанның исенимли ҳәм стратегиялық шериги екенин айрықша атап өтти.

Бул банк ҳәм елимиздиң қаржы мәкемелери арасында әмелий сөйлесиўлер жолға қойылған. Бүгинги күнде өз-ара бирге ислесиў энергетика, ирригация ҳәм коммунал тармақларды модернизациялаў, транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў салаларын қамтып алған.

Өткен жылы қабыл етилген 2020-жылға шекем бирге ислесиў қоспа бағдарламасына 27 әҳмийетли жойбар киргизилген. Олардың улыўма нырқы 4 миллиард доллардан ибарат, соннан 3 миллиард доллары Жәҳән банкиниң кредитлери есапланады.

Ушырасыўда елимизде Ҳәкимшилик реформалар концепциясы қабыл етилгени, экономикада мәмлекетттиң қатнасын кемейтиў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Халықаралық валюта қорының усыныслары тийкарында валюта саласында базар механизмлери енгизилгени, саўдадағы түрли тосқынлықлар алып тасланғаны, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық буннан былай да жақсыланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Президентимиз бул реформаларды әмелге асырыўда Жәҳән банкиниң үлкен тәжирийбеси пайда бериўи, Өзбекистан банк пенен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың тәрепдары екенин атап өтти.

Елимизде нәтийжели микроқаржылаў системасын енгизиў, ирригация-дренаж ҳәм жол-транспорт инфраструктураларын модернизациялаў, агросанаат комплексин раўажландырыў ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Жәҳән банки президенти Өзбекистанда банк-қаржы системасын жетилистириў, қолай исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў бойынша алып барылып атырған илажлар бизнестиң раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Сөйлесиўде өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша анық усыныслар, перспективалы жойбарлар додаланды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатларында жасап атырған бир топар ўатанласларымыз бенен ушырасты.

Уллы ойшыллар үлкеси болған Өзбекистан перзентлери бүгинги күнде де жоқары билими менен потенциалын дүньяға көрсетпекте. Соның ишинде, көплеген жерлеслеримиз АҚШта жасап, өзиниң тараўларында үлкен табысларға ериспекте. Олардың арасында илимпазлар, исбилерменлер, халықаралық ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, студентлер бар.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың АҚШқа сапары, бул жерде жасап атырған ўатанласларымыз бенен ушырасыўы оларға үлкен қуўаныш бағышлады.

Америка Қурама Штатларында сиз, қәдирли жерлеслеримиз бенен ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман, деди мәмлекетимиз басшысы. Мен бул сапар етиў ўақтында сизлер менен шын жүректен сәўбетлесиўди алдын-ала режелестирип қойған едим.

Ўатаннан алыста, мүсәпиршиликте өз орнын табыў ҳәм орынлы абыройға ерисиў қаншелли қыйын екенин бәршемиз жақсы түсинемиз. Бундай үлкен жетискенликлерге ерисиў ҳәр кимге де несип ете бермейди.

Бүгин сизлер менен ашық сөйлесип, сизлер менен жақыннан танысыў, елимиздиң алдында турған үлкен-үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарындағы пикир-усынысларыңыз бенен ортақласыў оғада әҳмийетли, деп есаплайман.

Президентимиз 2017-2021-жылларда Өзбекистанды раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, Ҳәкимшилик реформалар концепциясының әҳмийети ҳаққында сөз етти. Суд-ҳуқық, қаржы, киши бизнес, туризм, медицина салаларындағы өзгерислер ҳаққында мәлим етти.

Елимизде илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў, заманагөй кадрлар таярлаў бойынша үлкен жумыслар басланғаны атап өтилди. Өзбекистанның жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатының мазмун-мәниси, Өзбекистан жаслар аўқамының жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы жумысы ҳаққында сөз болды.

2017-жыл Өзбекистанда халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы, деп жәрияланды. Адамлардың талапларын ҳәм усынысларын тыңлаў, сол тийкарда социаллық-экономикалық бағдарламаларды белгилеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды. Президентимиз қай жерде болмасын, халықтың ишине кирип, жерлеслеримиз бенен жүзбе-жүз сөйлеспекте, пикир-усынысларын тыңламақта.

Бул ушырасыў да ашық ҳәм ҳақ кеўиллилик руўхында өтти. Президентимиз ушырасыўға келген ҳәр бир жерлесимиздиң турмысы ҳәм жумысы менен қызықты.

Жерлеслеримиз Президентимиз бенен ушырасыў өзлери ушын үлкен мәртебе екенин, бундай итибардан төбеси көкке жеткенин атап өтти. Ана жеримизде илим, билимлендириў, технология, инвестиция ҳәм басқа да салаларды раўажландырыў, Өзбекистан ҳәм АҚШ мәкемелери арасындағы байланысларды беккемлеў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Шавкат Мирзиёев ўатанласларымызды Өзбекистанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға жуўапкер болыў, заманагөй билим ҳәм тәжирийбелерди елимиздиң раўажланыўына бағдарлаўға шақырды.

Елимиздиң раўажланыўына үлес қосыў тилегинде болған барлық шет елдеги жерлеслеримизди Өзбекистанға мирәт етемен, деди мәмлекетимиз басшысы. Мен оларды қоллап-қуўатлаўға ҳәм ҳәр тәреплеме хошаметлеўге таярман.

Бәршеңиздиң елимизди раўажландырыўға шын жүректен үлес қосыўға таяр екениңизди көрип, ҳақ кеўилден қанаатланып турман. Ҳәммемиз жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында бир жағадан бас шығарып бирлессек, алдымызға қойған қәлеген жоқары шекке әлбетте ерисиўимизге исенемен, деди сөзиниң жуўамақында Президентимиз.

Ушырасыўға жыйналғанлар Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалар халқымыздың абаданлығын буннан былай да арттырыўға хызмет ететуғынын айтып өтти. Мәмлекетимиздиң шет елде жасап атырған жерлеслеримизге қаратып атырған итибары ушын миннетдаршылық билдирди. Ўатанласларымыз елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға таяр екенлигин атап өтти.

Президентимиз жерлеслеримизге денсаўлық, жумысларында әўмет ҳәм табыслар тиледи.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз басшысы ҳүрметине шөлкемлестирилген Өзбекистан ҳәм АҚШ исбилермен шеңберлериниң ўәкиллериниң қатнасыўында өткен қабыллаў мәресимине қатнасты.

Соның менен Өзбекистан Республикасы Президентиниң АҚШқа сапары жуўмақланды.

 

Анвар САМАДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Ташкент-Нью-Йорк-Ташкент