25-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшилигине сайлаў болып өтти.

Сайлаў институттың барлық факультетлеринде оқып атырған студент-жаслардың улыўма, тең ҳәм жасырын даўыс бериў жолы арқалы, әдиллик принциплери тийкарында өткерилди.

Институт жаслар жетекшилигине илимий инновацияларды коммерциялаў бөлими маркетинг бойынша қәнигеси Ҳ.Қурбанбаев, физика-астрономия оқытыў методикасы бағдарының студенти Ш.Мурадов ҳәм математика оқытыў методикасы бағдарының студенти Э.Қурбанбаев өз талабанлығын усынған еди.

Сайлаў бойынша жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми кеңес ағзалары ҳәм факультет деканатлары қатнасыўында комиссия дүзилип, сайлаўдың әдил өтиўи турақлы қадалап барылды.

Сайлаў жуўмақлары бойынша студент-жаслардың 67,89% даўысын алған илимий инновацияларды коммерциялаў бөлими маркетинг бойынша қәнигеси Ҳ.Қурбанбаев Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты басланғыш шөлкеминиң жаслар жетекшиси етип сайланды.

Жаслар жетекшилигине өз талабанлығын усынған физика-астрономия оқытыў методикасы бағдарының студенти Ш.Мурадов 20,76% ҳәм математика оқытыў методикасы бағдарының студенти Э.Қурбанбаев 11,33% даўыс топлады.

Мағлыўмат ушын, 2017-жыл 5-июль күни тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық жаслар менен ислесиўди еле жетилистириў, олардың ишине еле де кирип барып, бир ийгиликли мақсет жолында бирлестириў, машқалаларын үйрениў, қызығыўшылықларын ҳәм умтылысларын мүнәсип баҳалаў мақсетинде ҳәр жаңа оқыў жылы басында ҳәр бир жоқары оқыў орнында топар, факультет ҳәм жоқары оқыў орнының жаслар жетекшилери сайлаўын өткериў белгиленген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.