Ҳиндстанның Shapoorji Polonji компаниясы Өзбекстанда қуяш электростанциясын қурыўды режелестирмекте. Бул ҳаққында Uz24.uz хабар бермекте.
Компания қуўатлылығы 50-100 MBт болған электростанцияны қурыў ҳәм инвестиция киргизиў нийети бар екенлигин айтқан. Shapoorji Polonji қуяш электростанциясын қурыў ушын қолайлы ўәлаят сыпатында Самарқанд, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларын көзден өткермекте.
Ҳәзирги күнде ҳинд компаниясы қурылыўы режелестирилген электростанцияның орны, тараўға ажыратылып атырған салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, берилетуғын инвестицияға мәмлекет кепиллиги, шәртнама мүддетлери бойынша мәселелерди үйренбекте.
Интернет материаллары тийкарында таярлаған:
Нурлыбек ЖАМАЛОВ