Нумбео порталы экспертлери жынаятшылық дәрежеси жүдә жоқары болған қалалар рейтингин жәриялады.

327 қаладан ибарат дизимде биринши орынды Сан-Педро-Сула (Гондурас) қаласы ийеледи. Екинши ҳәм үшинши орынларда Венесуэла пайтахты Каракас ҳәм Порт-Морсби қаласы Папуа-Янги Гвинея көрсетилген.

Жынаятшылық дәрежеси жоқары қалалар онлығына Қубла Африка Республикасының үш қаласы – Дурбан, Йоханнесбург ҳәм Претория кирди.

Жигирмалықта болса Бразилияның 6 қаласы тийкарынан, Сан-Паулу ҳәм Рио-де-Жанейроны көриў мүмкин.

Дизимде Россия қалаларыда бар: Новосибирск 137, Москва 144, Санк-Петербург болса 198-орынды ийелеген.

 

Интернет материаллары тийкарында

таярлаған: Нурлыбек Жамалов