Ташкентте 20-сентябрь күни «Орайлық Азия халықаралық транспорт коридорлары системасында: cтратегиялық перспективалар ҳәм пайдаланылмаған имканиятлар» темасында биринши халықаралық конференция басланды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген бул ири халықаралық конференция тек ғана регион мәмлекетлеринде емес, ал халықаралық жәмийетшиликте де үлкен қызығыўшылық оятты. Оған қатнасыў ушын елимизге Ислам раўажланыў банки президенти Бандар Ҳажар, Азия раўажланыў банки вице-президенти Венцай Жанг, БМШтың Азия ҳәм Тыныш океаны бойынша Экономикалық ҳәм социаллық комиссиясының атқарыўшы хаткери Хон Чжу Хам, ҒМДАға ағза мәмлекетлер Темир жол транспорты кеңесиниң баслығы – «Россия темир жоллары» ААЖ бас директоры Олег Белозёров, ҒМДА Ҳүкиметлераралық жол қурыўшылар кеңесиниң баслығы Жамшидбек Калилов, Халықаралық автомобиль транспорты аўқамының баслығы Раду Динеску, Халықаралық ҳаўа транспорты ассоциациясының бас директоры Рафаэль Шварцман, сондай-ақ, АҚШ, Уллы Британия, Германия, Италия, Испания, Франция, Қубла Корея, Япония, Түркия, Россия, Беларусь, Қытай, Ҳиндстан, Иран, Пакистан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан сыяқлы жәми 37 мәмлекеттен 300 қатнасыўшы, 25 халықаралық шөлкем, финанс институтлары ҳәм жетекши транспорт компанияларының ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң халықаралық конференция қатнасыўшыларына қутлықлаўын Бас министр Абдулла Арипов оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысы Президентлик жумысының дәслепки күнлеринен Орайлық Азияны бир тутас регион сыпатында раўажландырыў, оның транспорт-транзит потенциалын раўажландырыўға итибар қаратты. Бунда транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм транзит жүк тасыў көлемин арттырыў бағдарында алып барылған сөйлесиўлер ҳәм әмелий ҳәрекетлер айрықша әҳмийетке ийе.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен усы жылдың июнь айында БМШ Бас Ассамблеясы «Орайлық Азия регионында тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиў» резолюциясын қабыл етти. Бул ҳүжжетте транспорт инфраструктурасы ҳәм транзит коридорларын раўажландырыў, жаңа автомобиль ҳәм темир жоллар, авиақатнаўларды ашыў арқалы барлық транспорт түрлериниң өз-ара бирге ислесиўин күшейтиўге де айрықша итибар қаратылған.
Өзбекстан регион мәмлекетлериниң транспорт-транзит потенциалын бирлестириў арқалы Орайлық Азияның геостратегиялық әҳмийетин арттырыў сиясатын жүргизип келмекте.
«Орайлық Азия халықаралық транспорт коридорлары системасында: cтратегиялық перспективалар ҳәм пайдаланылмаған имканиятлар» темасында өтип атырған халықаралық конференция Орайлық Азияда ҳәрекет етип турған транспорт коридорларын жетилистириў ҳәм жаңаларын қәлиплестириў мәселелерин додалаў, улыўма қатнас жасаў ҳәм уқсас көзқарасларды ислеп шығыў, алдағы режелерди белгилеп алыўда айрықша әҳмийетке ийе.
– Бул конференция оғада әҳмийетли мәселелерге қаратылғаны ҳәм өз ўақтында шөлкемлестирилгени менен айрықша әҳмийетке ийе, – деди Ислам раўажланыў банкиниң президенти Бандар Ҳажар. – Өзбекстан регионы өз-ара саўда жағынан байланыстырып туратуғын геостратегиялық аймақта жайласқан. Теңиз жолларына шығыў имканиятлары шекленген Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыўында транспорт системасы үлкен әҳмийетке ийе. ИРБ бул аймақта логистика, жол инфраструктурасын халықаралық стандартларға сәйкес раўажландырыў, ҳаўа ҳәм темир жоллар системасын модернизациялаў, көрсетилетуғын хызметлер түрин арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириўге белсене қатнасып келмекте. Регион мәмлекетлери транзит бойынша тарифлердиң жоқары екени, теңиз жолларына шығыўды қыйынластыратуғын тосқынлықлардың барлығы сыяқлы машқалаларға дус келмекте. Буны шешиў ушын транзит коридорлары системаларының трансмиллий басқарыўын енгизиў зәрүр. Усы мәниде Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери транспорт-транзит потенциалын буннан былай да арттырыўға қаратылған исленбелерди, экономикалық коридорлар бойынша перспективалы шешимлерди толық қоллап-қуўатлаймыз.
Өткен дәўир ишинде Орайлық Азия ҳәм оған қоңсылас мәмлекетлердиң дүнья базарларына шығыў ҳәм жүк тасыўларды әмелге асырыўға қаратылған бир қатар жойбарлар турмысқа енгизилди.
Бул конференция да әне усындай умтылыслардың қатарына киреди.
Бул абырайлы әнжуман мәмлекетимизде бийкарға өткерилип атырған жоқ. Уллы Жипек жолының орайында жайласқан бул үлкеден ири халықаралық базарларды өз-ара бирлестиретуғын ең қысқа жөнелислер өткен. Усы тәризде раўажланған саўда байланыслары ҳәр қыйлы миллетлер, динлер ҳәм мәдениятлар арасында байланыс ушын қолайлы шараят жаратқан. Бундай бирге ислесиў байланыслары ушын үлкен имканиятлар бар екени усы конференцияда және бир мәрте өз көринисин тапты. Пүткил дүньядан келген сиясатшылар, абырайлы экспертлер халықлар арасындағы турақлы раўажланыўды тәмийинлейтуғын транспорт коридорларын қәлиплестириў жолында бирлести.
– Орайлық ҳәм Батыс Азиядағы 11 мәмлекеттен сегизи тиккелей теңиз жолына шығыў имканиятына ийе емес, – деди Азия раўажланыў банкиниң вице-президенти Венцай Жанг. – Бул регионда транспорт-коммуникация тармақларын жедел раўажландырыўды талап етеди. Бул конференция жумысымыз шеңберинде транспорт тараўындағы бирге ислесиўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратыўға шақырады.
Халықаралық конференция жумысы секция мәжилислеринде даўам еттирилди. Оларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң қутлықлаўында билдирилген пикирлер ҳәм алға қойылған басламалар, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспорты системаларында информация технологиялары, цифрлы маркетинг хызметлерин енгизиўге байланыслы мәселелер кең түрде додаланды.
Регионымыз мәмлекететлериниң транспорт-коммуникация системасын раўажландырыў, тарнспорт ҳәм логистика тараўларында жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыўға байланыслы ис-ҳәрекетлерди жеделлестириў, мультимодаль тасыўларды енгизиў, бул ушын узақ мүддетли ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Әнжуман қатнасыўшылары Орайлық Азия мәмлекетлериниң автомобиль, ҳаўа ҳәм темир жол транспортын раўажландырыў жолындағы бирге ислесиўин унамлы баҳалап, бунда мәмлекетлик уйымлар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң шериклиги айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Транспорт ҳәм транзит тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўда мине усындай әнжуманлар әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Әнжуманда коммюнике ҳәм бир қатар протоколларға қол қойылды.
Халықаралық конференция қатнасыўшылары 21-сентябрь күни Самарқанд қаласында болады.
Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы