Өзбекстан Ресупбликасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни денетәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Ҳәммемизге белгили, быйыл 5-март күни мәмлекетимиз басшысының «Денетәрбия ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди. Пәрманға муўапық, бурынғы мәмлекетлик комитет ҳәм оның аймақлық бөлимлери негизинде Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилип, ўазыйпалары менен ўәкилликлери кеңейтилди.
Спортшыларды таңлап алыў-селекция жумысларын жетилистириў бойынша жаңа система енгизилип, бул өзиниң дәслепки нәтийжелерин бере баслады.
Август-сентябрь айларында Индонезияда өткерилген Азия ойынларында спортшыларымыз 21 алтын, 24 гүмис, 25 бронза – жәми 70 медальды қолға киргизди. Елимиз алтын медальлардың саны бойынша 5-орынды ийелегени өзбек спорты тарийхында ең жақсы нәтийже болды.
– Биз халықаралық спорт майданларында Өзбекстанның абырайын арттырыўға үлкен үлес қосқан спортшыларымыз бенен мақтанамыз. Соның менен бирге, жоқары спортта ерисилген табыслар менен шекленип қалмастан, ғалабалық спортқа да итибар бериўимиз керек,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте денетәрбия ҳәм спорт тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша перспективадағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Халықты, әсиресе, жасларды денетәрбия ҳәм спорттың ғалабалық түрлери менен шуғылландырыў жумысларының жақсы жолға қойылмағаны, сабақтан тысқары ўақытларда билимлендириў мәкемелериндеги спорт объектлеринен барлық жастағы адамлардың пайдаланыўының шөлкемлестирилмегени көрсетип өтилди.
Буннан тысқары, орынларда бос турған жеке меншик объектлер негизинде халықты ғалабалық спортқа тартыў ушын жеңиллетилген хызмет көрсететуғын спорт орайларын шөлкемлестириў талап етиледи.
Сол себепли, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Жаслар аўқамы, тийисли министрликлер менен биргеликте билимлендириў мәкемелериндеги спорт қурылмаларында ҳәм бос турған объектлерде спорт секцияларын ашыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларды көриў зәрүрлиги атап өтилди.
Районлық, қалалық, ўәлаятлық ҳәм республикалық көлемде спорт жарысларының санын кескин көбейтиў, жеңимпазларды Жаслар аўқамының қаржылары есабынан ақшалай сыйлықлар менен хошаметлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыў ушын «Алпомиш» ҳәм «Барчиной» тестлерин жарыс түринде өткериўди ҳәм жеңимпазларды үш дәрежедеги көкирек белгилери менен сыйлықлаўды енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Кәрханалар, билимлендириў мәкемелери, дем алыў бағларында ғалабалық дене шынықтырыў ҳәм гимнастика шынығыўларын өткериў итибардан шетте қалып кеткени атап өтилди. Бундай шынығыўлардың инсан саламатлығы ушын пайдалы екенлигин үгит-нәсиятлаў мақсетинде турақлы көрсетиўлер менен социаллық роликлер таярлап, телевидение арқалы көрсетиў зәрүрлиги атап өтилди.
-Елимизде спортты ғалаба ен жайдырыў бойынша бес жыллық миллий концепция ислеп шығыў зәрүр. Халықты денетәрбия менен турақлы шуғылланыўға, саламат турмыс кешириўге тартыў, сол арқалы кеселликлердиң алдын алыў, адамлардың өмирин узайтыў концепцияның тийкарғы бағдары ҳәм нәтийжеси болыўы керек,-деди Президент.
Мәжилисте федерациялардың жумысының төменлиги себепли ат спорты, жүзиў, қылышласыў, оқ атыў ҳәм командалық спорт түрлери бойынша халықаралық жарысларда жақсы нәтийжелерге ерисилмей атырғаны сынға алынды. Сол себепли Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында шөлкемлестирилип атырған Олимпиада таярлығы орайларын 2020-жылға шекем пайдаланыўға тапсырып, оларда Қытай тәжирийбесин қолланыў, яғный спортшылардың орайда турақлы жасап, мақсетли таярлық көриў системасын жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.
Жуўапкер басшыларға барлық спорт федерацияларының жумысын сын көзқарастан үйренип, олардың жумысын, әсиресе, селекция бағдарын түп-тийкарынан жақсылаў, басшы кадрлардың жуўапкершилигин арттырыў тапсырылды.
Қәнигели тренерлердиң азлығы, соның ишинде, қысқы спорт түрлери бойынша қәнигелердиң жетиспеўшилиги атап өтилди. Денетәрбия ҳәм спорт министрлигине тренерлер таярлаўды жетилистириў, оларға лицензия бериў механизмин әпиўайыластырыў ўазыйпасы қойылды.
Балалар спорты имаратларын қурыў, қурылыста заманагөй үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қорының қаржылары есабынан усы жылы 56 спорт имаратын қурып, пайдаланыўға тапсырыў, бул мақсетлерге 362 миллиард сум қаржының жумсалыўы белгиленген. Бирақ 10-сентябрь жағдайына муўапық, тек ғана 113 миллиард сумлық қурылыс-монтажлаў жумыслары орынланған. Сырдәрья, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында қурылыс жумыслары арқада қалмақта.
Тийисли министрликлер менен шөлкемлерге спорт объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын өз ўақтында жуўмақлаў, Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў қорының 2019-жылғы мәнзилли бағдарламасын қәлиплестириў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилисте 2020-жыл Токиода болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық мәселеси де додаланды. Елимиз спортшыларының көплеген лицензияларды қолға киргизиўи ҳәм мүнәсип қатнасыўы ушын таярлықты күшейтиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Жуўапкер басшылардың тараўдағы машқалаларды сапластырыў, халықты ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, профессионал спортты буннан былай да раўажландырыў бойынша есабатлары тыңланды.
ӨзА