Пайтахтымызда суд мәкемелериниң ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўи мәселесине бағышланған семинар-тренинг болып өтти.
«Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары» Институты, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Судьялар Жоқарғы Кеңеси тәрепинен барлық ўәлаятлар қатарында республикамызда да шөлкемлестирилген «Өзбекстанда суд-ҳуқық мәкемелериниң жумысы ҳәм пуқаралардың ҳуқықый реформалар ҳаққында хабардарлығын арттырыўда ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри ҳәм районлық (қалалық) әдиллик бөлимлериниң баслықлары, ҳуқық-қорғаў уйымлары менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Семинар-тренинг Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм басқа да пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылай жәрдеми менен шөлкемлестирилди.
Илажда сөзге шыққан «Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары» институты директоры, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәсләҳәт Кеңеси ағзасы, юридика илимлериниң кандидаты С.Ходжаева, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри Ж.Садықов ҳәм басқалар Өзбекстанда суд ҳәкимиятының жумысы жәмийетте социаллық әдилликти орнатыў, нызамның үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын ҳәм ҳуқықый мәплерин қорғаўға қаратылғанын атап өтти. Яғный ерисилген жетискенликлер менен бирге еле де орынланыўы керек болған ўазыйпаларға, атап өткенде, пуқаралардың суд қорғаўынан пайдаланыў ҳуқықын және де күшейтиўге үлкен итибар қаратылмақта.
Суд-ҳуқық уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў мәселеси Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының аға қәнигеси Ф.Ибрагимов, Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ағартыў бөлиминиң баслығы А.Өтеўлиевлердиң баянатларында өз сәўлелениўин тапты.
Семинар-тренинг даўамында Өзбекстан Миллий университети журналистика факультети профессоры, филология илимлериниң докторы Ё.Маматова қатнасыўшылар менен интерактив усыллар жәрдеминде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, пуқаралардың әҳмийетли машқалаларын шешиўде мәмлекет, соның менен бирге, суд-ҳуқық уйымларының халық пенен ашық-айдын, тиккелей сәўбетлесиўин күшейтиў, жәмийетте нызам үстинлиги, елимизде әдиллик, тынышлық, миллетлераралық татыўлықтың қәлиплесиўи мәселелериниң ҒХҚ ында кеңнен жарытып барылыўының нәтийжелилиги, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўда ҒХҚ ның орны сыяқлы мәселелерге кең түрде анализ жасады.
Усы анализлерге сүйенген ҳалда қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасы суд-ҳуқық ҳәм әдиллик системасының жумысы бойынша халықтың билимин ҳәм хабардарлығын арттырыўға бағдарланған медиа режелер ислеп шықты.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.