Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Миссисипи штаты Миллий гвардиясы сәркардасы генерал Женсон Бойлз ҳәм АҚШ Конгресси Ўәкиллер палатасының ағзасы Трент Келлиди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, усы жылдың май айында АҚШқа рәсмий сапар даўамында болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели ушырасыўлар менен сөйлесиўлер мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликте жаңа дәўирди баслап бергени ҳәм оны анық мазмун менен байытқанын айрықша атап өтти.

Бүгин көп қырлы Өзбекстан – АҚШ қатнасықлары избе-из раўажланып ҳәм беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Саўда-экономикалық, инновация, илим ҳәм техника, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда қоспа бағдарламалар менен жойбарлар әмелге асырылмақта.

2-rasmiy_5039.jpg

Ушырасыўда Өзбекстан Миллий гвардиясы ҳәм тийисли уйымлардың Миссисипи штаты Миллий гвардиясы менен, соның ишинде, жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў ҳәм айрықша жағдайларда оператив ҳәрекет етиў тараўында тәжирийбе алмасыў, тренинг ҳәм илажлар өткериў бойынша әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Парламентлераралық байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, Миссисипи штатының жетекши кәрханалары ҳәм компаниялары менен саўда ҳәм инновациялар, аўыл хожалығы, билимлендириў тараўларында шерикликти беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Генерал Ж.Бойлз ҳәм конгрессмен Т.Келли мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ҳәм  еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға байланыслы басламалары ушын миннетдаршылық билдирди.

Мийманлар мәмлекетимизде сапалы жаңа басқышта әмелге асырылып атырған барлық тараў ҳәм бағдарларды қамтып алған реформалар менен өзгерислерди жоқары баҳалады. Нәтийжели парламентлераралық ҳәм уйымлараралық сөйлесиўлерди даўам еттириў, Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы бирге ислесиў бойынша қосымша жойбарларды илгери сүриў ислерин жеделлестириўге таяр екенин билдирди.

АҚШ делегациясы ағзалары Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы кең көлемли әмелий шерикликти буннан былай да беккемлеў ушын барлық ис-ҳәрекетлерди иске қосатуғынын атап өтти.

ӨзА