Жақында Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институтының Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен усы атамада дөгерек сәўбети өткерилди. Илажда тараў қәнигелери, мәкан пуқаралар жыйынларының ақсақаллары, бәнтлик бойынша мүрәжат еткен пуқаралар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

 

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыссызлық машқалаларын сапластырыў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-майдағы пәрманы менен инабатқа алынған «Улыўма инсан ҳуқықлары декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына арналған илажлар бағдарламасы»ның  20- пунктинде көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде ҳәм Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Орайлық Аппаратының тапсырмасына муўапық шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары  министрликлериниң ўәкиллери баянат жасады.

Илажда қәнигелер усы мәселелерге байланыслы халықты қызықтырған сораўларға жуўап берди.

– Президентимиздиң 2018-жыл 12-июльдеги «Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен бул бағдарда үлкен имканиятлар жаратылды, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине қараслы Нөкис қалалық әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси Айсәнем Ережепова. – Әсиресе, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў орайында дизимге алынған шахсларға, мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларға, аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызларға, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларына, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына ең кем айлық мийнет ҳақының жүз есеси муғдарында гиреўсиз микрокредитлер ажыратылады. Аўыллық жерлерде турмыслық хызметти көрсетиў шақапшаларын ашқан исбилерменлер 2023-жылдың июнь айына шекем барлық түрдеги салықлардан азат етиледи. Қарарға бола, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде буннан басқа да көплеген жеңилликлер жаратылды.

– Быйылғы жылдың өткен 8 айы даўамында 16 мың 427 пуқара жумыс пенен тәмийинленген, – дейди Қарақалпақстан Республикасы  Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары  министриниң орынбасары К.Садықов. – Жумыс сорап жәми 37 мыңнан аслам пуқарадан мүрәжат түскен болса, соннан 43 проценти қанаатландырылған.

Дөгерек сәўбетинде қатнасқан пуқараларға усы жыл 22-сентябрь күни пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (манежде) мийнет ярмаркасын өткериў режелестирилип атырғаны ескертилди.   

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

З.Абубакирова,

ҚМУ ниң журналистика факультети, 4-курс студенти.