Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен нақлай шет ел валютасын нызамсыз алып шығыў менен байланыслы жағдай анықланды.

Атап айтқанда, «Қарақалпақстан» темир жол станциясында «Нөкис-Бейнеў» жөнелисинде ҳәрекетленетуғын жолаўшы поездында республикамыздан шығып баратырған пуқара М.О.ға тийисли сумкалар бажыхана тексериўинен өткерилгенде, жүклердиң арасынан бажыхана хызметкериниң аўыз-еки сораўында ҳәм жолаўшы бажыхана деклерациясында билдирилмеген 6100 АҚШ доллары жасырынғаны анықланды.

Ҳәзир бул жағдай бойынша бажыхана тексериўлери даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы мәлимлеме хызмети хызметкерлериниң атап өткениндей, физикалық шахсларға 5000 АҚШ долларына тең ямаса оннан аспайтуғын муғдарда нақ шет ел валютасын жолаўшы бажыхана деклерациясында көрсеткен ҳалда еркин алып шығып кетиўлерине рухсат етиледи. Шет ел пуқаралары болса, Өзбекстан Республикасына кириў ўақтында алып кирген муғдардағы нақ шет ел валютасын еркин алып шығып кетиўлери мүмкин. Белгиленген суммадан зыят шет ел валюталарын алып шығып кетиў ушын Орайлық банктиң аймақлық басқармалары тәрепинен берилетуғын рухсатнама талап етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.