Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-класс оқыўшыларына ҳәр жылы, 2-3-4-класслар ушын еки жылда бир мәрте, 5-6-7-8-9-класс оқыўшыларына төрт жылда бир мәрте сабақлықлар, оқыў қолланбалары басып шығарылады.

Республикамыз бойынша улыўма орта билим бериў мектеплериндеги китапханаларда 3 миллион 923 мың 103 дана сабақлықлар ҳәм оқыў методикалық қолланбалардың барлығы анықланған. Сондай-ақ, 2 миллионнан аслам басқа түрдеги китаплар бар болып, cоның 410 мың данасын яғный 20 процентке шамаласын балалар әдебияты қурайды.  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў системасында 754 мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм мектеп китапханасы хызмет көрсетпекте.

2018-2019-оқыў жылы ушын 1-, 2-, 11-класслар ушын толық топламдағы (яғный барлық сабақлар бойынша китаплар), 2-, 3-, 4-, 5-, 6-класслар ушын «Шет тили» сабақлығы ҳәм шынығыў дәптери, арнаўлы мектеп ҳәм мектеп-интернатларының оқыўшылары ушын жәми 397 атамадағы 1 миллион 674 мың 474 дана сабақлықлар менен оқыў методикалық қолланбалары басып шығарылған.

 

 М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.