ӨзЛиДеП Тақыятас районлық кеңеси, Бәнтликке көмеклесиў орайы, Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық кеңеси тәрепинен жәмлеспеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы өткерилди.

Оған райондағы 27 мәкеме ҳәм кәрхана 100 ге шамалас бос жумыс орынлары менен қатнасты.

– Өткен жылы Тақыятас энергетика кәсип-өнер колледжин питкерип, оқыўымды даўам еттириў мақсетинде жоқары оқыў орнына ҳүжжетлеримди тапсырдым, бирақ оқыўға кире алмадым. Усы күнге шекем жумыссыз жүрген едим. Партия тәрепинен өткерилген мийнет ярмаркасында өз қәнигелигим бойынша жумысқа орналастым, – дейди ярмарка қатнасыўшысы Қ.Бекжанов.

Мийнет ярмаркасында 93 пуқараға жумысқа орналастырыў бойынша жолламалар берилип, тараў қәнигелери керекли мәсләҳәтлерин ҳәм пикир-усынысларын берди.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.