Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң   2018-жыл 9-июль күнги 97-санлы президиум мәжилиси баянламасында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда, реже тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Ондағы диний-ағартыўшылық тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў, диний-экстремистлик ағым ағзаларын дизимнен шығарыў, жасырын өжирелерде нызамсыз түрде диний билим бериў жумысларының алдын алыў бойынша берилген тапсырмалар Елликқала районында да белгиленген реже тийкарында әмелге асырылмақта.

Елликқала районының шетки аймақларындағы мәҳәллелерде системалы түрде профилактикалық илажларды әмелге асырыў мақсетинде бирге ислесиўши шөлкемлер менен бирликте бағдарлама ислеп шығылған ҳәм оның орынланыўы қадағалаўға алынған.

– Бүгинги күни районда жасырын диний өжирелер жоқ,-дейди Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Елликқала районлық Кеңеси баслығының Диний-ағартыўшылық мәселелери бойынша қәнигеси Ў.Сатимов. – Райондағы барлық мәҳәллелерде, әсиресе, Сарабий, Қылшынақ, Ифтихор мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында районның Мәденият бөлими, мешит имам-хатиблери, Жаслар аўқамының районлық Кеңеси менен бирликте районлық телевидение арқалы қойымшылықларды зыярат етиў әдеби, усы орынларды абаданластырыў,  динге жат болған ҳәр қыйлы иллетлерди сапластырыўға бағышланған темаларда ушырасыўлар өткерилип, арнаўлы видеороликлер таярланып, тийисли шөлкемлердиң интернеттеги веб-сайтларына, социаллық тармақларға жайластырылды.

Ифтихор, Қылшынақ, Сарабий мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында жайласқан қойымшылықлар абаданластырылмақта. Оған басламалар тийкарында жергиликли пуқаралардың, әсиресе, жаслардың ықтыярлы түрде қатнасыўы тәмийинленбекте.

Районымызда бүгинги күнге шекем 5 өз жанына қастыянлық етиў жағдайы жүз берди. Бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде тийисли қәнигелерди тартқан ҳалда үйрениў жумыслары алып барылып, алдын алыўға қаратылған илажлар әмелге асырылмақта. Ал, ажырасыўлардың саны өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 4 ке көбейди. Оның себеплери үйренилип, шаңарақтың муқаддес екенлигин жаңа турмыс қурып атырған жасларға жеткериў мақсетинде системалы түрде үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилмекте. Нызамсыз түрде некеден өтиў жағдайлары дизимге алынбады.

Районда жумыс ислеп атырған 12 атынайды (диний билимге ийе ҳаял) мәкан пуқаралар жыйынларына бекиткен ҳалда экстремизм ҳәм миссионерликке қарсы гүресиў көнликпелерин күшейтиўге қаратылған семинарлар шөлкемлестириў бойынша арнаўлы кесте ислеп шығылып, үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.

Киши Гүлдирсин, Гүлдирсин, Наўайы, Чайка, Елликқала, Ибн-Сино мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында экстремистлик ағым ағзаларының перзентлерин жәмийетлик жумысларға, дүньялық турмыс тәризине, атап айтқанда, илим ҳәм кәсип-өнер дөгереклери, фестивальлар, спорт жарысларына тартыўға қаратылған мәнзилли профилактикалық илажлар ислеп шығылған болып, нәтийжеде диний эктремистлик есапта турған айырым пуқаралардың перзентлери жәмийетлик жумысларға тартылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.