1995-жылдан берли спутниктен түсирилген 6,5 мың сүўретти изертлеген Женева университети илимпазларының пикирине сүйенип дүнья жүзи дем алатуғын Альп шыңларындағы қардың ериўи тезлесе баслаған, деп хабар беремекте Хабар 24.
Бундай илимий жумыс нәтийжелери жергиликли ҳәкимиятқа да пайдалы. Себеби, ериген қар суўы келтиретуғын қәўип ерте анықланды. Жойбар жетекшиси Грегори Джулианидиң айтыўынша, өзгерис туризм менен күн көрип отырған мәмлекет экономикасыны да унамсыз тәсирин тийгизбей қоймайды. «Вале кантоны – шаңғы тебиўге қолайлы Швейцарияның ең белгили орны. Дәслепки он жыллықта усындай өзгериске тап болдық. Сол ўақытлары жерде қалың қар жататуғын еди. Енди тап усы жерлерди 2015-2017-жылларға салыстырсақ, қардың барған сайын азайып атырғанын бақлаўға болады. Қардың ериўи туристлик индустрияға да кери тәсир етеди. Валеде дем алыў орынлары оғада көп. Әсиресе, таў туризми кризиске ушыраўы мүмкин», – дейди изертлеў жойбарының жетекшиси Грегори Джулиан. 2017-жылы Швейцарияға келген саяхатшылардың саны бир неше есе артты. Федераллық статистикалық басқармасының мағлыўматы бойынша өткен жылы туризм тараўы мәмлекет бюджетине 47 миллиард Швейцария франкин түсирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги