Лондон ҳәм Нью-Йорктың шийкизат биржаларындағы шийшемби күнги саўда-сатық нәтийжелери бойынша нефтьтиң баҳасы қымбатлады, деп хабарлайды «Казинформ».
Саўда жуўмақлары бойынша, Лондонның ICE Futures биржасында ноябрь айында жеткерилетуғын Brent
маркалы нефтьтиң фьючерслери баррелине 0,9 долларға көтерилип, 78,9 долларды қурады. Нью-Йорк товар биржасында (NYMEX) WTI маркалы нефтьтиң октябрь фьючерслериниң баррели 0,94 долларға қымбатлап, 69,85 доллар болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги