Интернет мағлыўматларына қарағанда, «Euro Note Souvenir» компаниясы Ирландия ушын 100 процент пахтадан таярланған қағазлы 0 (ноль) евролы банкнотларды ислеп шыға баслаған. Жаңа банкноттың сыртқы жағында Ирландияның картасы ҳәм музыка әсбабы арфаның сүўрети түсирилген. Ол арнаўлы белги, гилограмма, микропечать, қорғаў сызығына ҳәм символларға ийе.

Өзи 5000 тиражда ислеп шығарылған бул сувенир купюра 4,99 евро деп баҳаланбақта.

Бундай банкнотлар Германия, Австрия, Белгия, Италия, Испания, Греция сыяқлы мәмлекетлерде де шығарылыўы нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги