Ертең – 7-сентябрь күни Беруний районында Әбиў Райхан Беруний естелигиниң ашылыў салтанаты ҳәм уллы бабамыз туўылғанының 1045 жыллығы мүнәсибети менен «Уллы энциклопедист илимпаздың инновациялық идеялары ҳәм дүнья цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлеси» атамасында илимий-теориялық конференция болып өтеди.

Сәне мүнәсибети менен Беруний районындағы академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери, улыўма билим бериў мектеплеринде белгили илимпазлар, жетекши қәнигелер менен ушырасыўлар, әдебий кешелер өткерилиўи жобаластырылған.

Сондай-ақ, район орайында жайласқан амфитеатрда мәденият ҳәм көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы болып өтиўи жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.