Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 14-15-сентябрь күнлери Мойнақ районында «Стихия» электрон музыкалар фестивалы өткерилиўи жобаластырылған.

Фестивальға Америка Қурама Штатлары, Қытай, Израиль, Россия, Украина ҳәм басқа да мәмлекетлерден 300 ге шамалас көркем өнер шеберлери, туристлер ҳәм журналистлер келиўи күтилмекте.

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) мәмлекетлери арасында биринши мәрте бизиң елимизде өткерилиўи жобаластырылып атырған электрон музыкалар фестивалына таярлық жумыслары жоқары дәрежеде алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги усы фестиваль өткерилетуғын орыннан тиккелей репортажлар таярлаўды жобаластырмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.