Ташкенттеги Россия илим ҳәм мәденият орайы «Россотрудничество» тәрепинен өткерилген «Знаешь ли ты историю России?» («Сиз Россияның тарийхын билесиз бе?») атамасында өткерилген конкурсқа И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернаты оқыўшысы Айжамал Қалыбаева да қатнасып, дөретиўшилик уқыбын ҳәм билимлерин сынақтан өткерди. Ол Өзбекстан көлеминде жеңимпаз болып, Санкт-Перербург қаласына бир ҳәптелик дем алыўға жоллама алған еди. Айжамал бир дүнья тәсирлер менен саяхаттан келди.
«Биз Санк-Петербургқа барғанымызда жигирма бес мәмлекеттен усы конкурста жеңимпаз болған жаслар қатнасты ҳәм биринши күни ҳәр ким өз елин таныстырды. Мен де Өзбекстанымызды таныстырып, қарақалпақша аяқ ойын атқарып бердим. Армениялы досларыма қарақалпақша сөзлерди үйреттим. Санкт-Петербург менде үлкен тәсирлер қалдырды. Әсиресе, досларым менен мийманханамыз жақынындағы «Развод-мостов»тағы көпирлердиң ашылыўын тамашалайтуғын ўақыт өз алдына мазмунлы өтти. Қаладағы музейлер менен тарийхый орынларды көрдим. Ертеклер елине саяхат еткендей сезиндим. Досларым менен бир-биримизди түсинисип бир үйдиң балаларындай татыў жасадық. Азғана мийнетимниң жемиси нәтийжесинде ҳәммеге де несип ете бермейтуғын дүньядағы дыққатқа ылайық тарийхый қалағы саяхат етиўим мен ушын үлкен жетискенлик. Бунда биринши гезекте, елимизде жасларға жаратылған кең имканиятлар тийкар болды деп айта аламан. Соның менен бир қатарда, устазларымның, мектеп жәмәәтиниң, ата-анамның көпшиликтиң үлеси бар. Айрықша билим алған мектебиме ҳәм устазым Ольга Утемуратоваға миннетдаршылығым шексиз. Саяхаттан тәсирлеримди қағаз жүзине түсирип, шығарма жазыўды нийет еттим…».
Айжамалға дөретиўшилик табыслар ҳәм нийети жолдасы болыўын тилеймиз.
Жазып алған:
Мөлдир ИГИЛИКОВА,
Қарақалапақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.