Өзбекстанда электрон компьютер спорты елимиздеги рәсмий спорт түрлери дизимине киргизилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Жақында ғана өз жуўмағына жеткен 2018-жылғы Азия ойынлары шеңберинде eSports спорт жарыслары да өткерилди. Жарыс шөлкемлестириўшиси есапланған AESF (Asian Electronic Sports Federation) қурамында 45 Азия мәмлекетлери федерациялары арасында Өзбекстан электрон компьютер спорты Федерациясы да бар.

2022-жылғы Азия ойынларында электрон компьютер спорт жарыслары тийкарғы жарыслар қатарына киргизилиўи ҳәм рәсмий статуста шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Халықаралық киберспорт федерациясы 48 мәмлекеттиң миллий федерациясын бирлестирген болып, киберспорт бойынша жәҳән чемпионатын өткерип келеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги