Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ Саид Ҳусайн Халил ас-Сиси 4-сентябрь күни рәсмий сапар менен елимизге келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев күтип алды.
Қысқа сәўбетлесиўден соң Египет Араб Республикасының делегациясы өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды.
Сапар етиўдиң тийкарғы ўақыялары 5-сентябрьге мөлшерленген. Шавкат Мирзиёев ҳәм Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң жоқары дәрежедеги ушырасыўларында Өзбекстан-Египет бирге ислесиўин раўажланыдырыўдың перспективалы бағдарларын додалаў, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысыў режелестирилген.
Пикирлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўиниң қабыл етилиўи, Өзбекстан менен Египет арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, туризм, илим, билимлендириў, мәденият, спорт тараўларындлағы бирге ислесиўди беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге қаратылған ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық салмақлы ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.
Египет Президентиниң сапар етиўи шеңберинде Ташкент қаласында еки елдиң исбилермен топарларының бизнес-форумын ҳәм кооперациялық биржасын өткериў де нәзерде тутылған.
ӨзА