Туристлердиң көз алдында әййемги естелик есапланатуғын Рим әнжуманлар сарайы дийўалының бир бөлеги қулап түсти, деп хабар бермекте «РИА Новости» мәлимлеме агентлиги.
Ески дийўал қаланың Монте-Тарпео көшесинде жайласқан. Бахытсыз ҳәдийсе себепли жәбирленгенлер анықланбаған. Аймаққа полиция, өрт өшириў хызмети хызметкерлери тартылған. Ўақыя себеплери үйренилмекте.
Еслетип өтемиз, жақында австриялы жас турист Колизейдиң бир бөлегин сындырып, «қымбат баҳалы естеликти» сумкасына жасырыўға урынған еди. Бул жағдай қадағалаўшылардың итибарынан шетте қалмаған.
Зуҳра Мирзабоева,
ӨзА