Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Президент Алмазбек Атамбоевтың мирәт етиўине бола 2017-жыл 5-6-сентябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Қырғызстан Республикасында болады.
Жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер ўақтында Өзбекистан менен Қырғызстан Президентлери өз-ара қатнасықларды раўажландырыўдың тийкарғы мәселелери, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң ҳәм беккемлеўдиң перспективалары, еллеримиздиң шегараалды аймақларының байланысларын жеделлестириў, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық машқалаларды додалайды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша еки мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўи, Өзбекистан – Қырғызыстан мәмлекетлик шегарасы ҳаққында шәртнама, еллеримиз арасында ҳәр қыйлы салалардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған басқа да бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.