Елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың атына шет ел мәмлекетлери ҳәм ҳүкиметлери, абыройлы халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан шын жүректен қутлықлаўлар келиўин даўам етпекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына ығбал-бахыт, аманлық ҳәм табыслар, Өзбекистан халқына тынышлық-татыўлық, раўажланыў және абаданлық тилеп, шын жүректен жақсы тилеклер билдирген.
Өзбекистан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди ҳәм Сизиң тымсалыңызда туўысқан өзбек халқын Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен Түркменистан халқы, ҳүкимети ҳәм өзимниң атымнан шын жүректен қутлықлайман ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллайман.
Түркменистан менен Өзбекистан арасында барлық бағдарлар, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, жәмийетлик, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы қатнасықлар жоқары дәрежеде екенин ҳәм бул байланыслар избе-из раўажланып, және де беккемленип атырғанлығын қанаатланыўшылық пенен атап өтемен. Еллеримиздиң мәмлекетлераралық сөйлесиўди буннан былай да кеңейтиўге болған исениман көз-қарас халқларымыздың мәпине сайкес болып табылады.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович, усы қолайлы пурсаттан пайдалынып, Сизге беккем денсаўлық, ығбал-бахыт, табыслар, туўысқан Өзбекистан Республикасы халқына тынышлық ҳәм буннан былай да абаданлық тилеймен.
Шын жүректен ҳүрмет пенен,
Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркменистан Президенти
***
Өзбекистан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди ҳәм Сизиң тымсалыңызда пүткил Өзбекистан халқын Өзбекистан Республикасының миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен өзим ҳәм Әзербайжан халқы атынан шын жүректен қутлықлайман.
Туўысқан Өзбекистанның ғәрезсизликти ҳәм мәмлекетшиликти беккемлеў жолынан исенимли баратырғаны, социаллық-экономикалық ҳәм мәденият салаларында ерисип атырған табыслары бизлерди жүдә қуўандырады.
Әзербайжан ҳәм Өзбекистанды әзелден дослық және бирге ислесиў қатнасықлары байланыстырып турады. Өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаўға тийкарланған қатнасықларымыз халықларымыздың ерк-ықрары менен буннан былай да раўажланып, еле де беккемленип баратуғынына исенемен.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович, пурсаттан пайдалынып, Сизге ҳәм барлық Өзбекистан мусылманларына мүбәрек Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен жыш жүректен шыққан тилеклеримди жоллайман. Сизге беккем денсаўлық, ығбал-бахыт, Өзбекистан халқының абаданлығы жолында мәмлекет басшысы лаўазымындағы жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Илҳом АЛИЕВ,
Әзербайжан Республикасы Президенти
***
Өзбекистан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Мырза!
Сизге Өзбекистан Республикасының Миллий байрамы мүнәсибети менен ең жақсы қутлықлаўларымды жоллайман ҳәм Өзбекистан халқына буннан былай да раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.
Сиз сыяқлы мен де мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў тәрепдарыман ҳәм Франция тымсалында тийкарғы шерикти көрип атырғаныңыздан қанаатланаман.
Соңғы айларда Франция ҳәм Өзбекистан қатнасықларына жаңа пәт бақланбақта. Атап айтқанда, усы жылдың басынан берли еллеримиз арасында үш мәрте жоқары дәрежеде делегациялардың сапар етиўи әмелге асырылғанының нәтийжеси болып табылады. Онда жеке Сиз белсене қатнасып атырғаныңыздан хабардарман ҳәм оны жоқары қәдирлеймен. Сиз Самарқандтағы жойбар бойынша қол қойған қарар Франция раўажланыў агентлигине елиңизде өзиниң биринши әҳмийетли жумысын әмелге асырыў имканиятын береди. Бул ушын Сизден миннетдарман.
Сиз бенен дәслепки әмелий сөйлесиўлеримизди өткериў ушын Парижде ушырасыўдан қуўанышқа бөленемен. Бул ушырасыў мәмлекетлеримиз терроризм ҳәм ықлымның глобал өзгериўи сыяқлы улыўмалық машқалалар менен қарсы келген бир ўақытта сиясий сөйлесиўимизди беккемлеўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, бул ушырасыў экономикалық байланысларымыздың раўажланыўына жаңа күш бағышлайды.
Соның менен бирге, мәденият ҳәм билимлендириў салаларында өз-ара қатнасықлар да үлкен перспективаға ийе. Атап айтқанда, Луврда көргизбе шөлкемлестириў жойбары, Ташкент қаласындағы француз мектебиниң жумысын раўажландырыў, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында «Француз альянсы» филиалларын ашыў перспективаларын нәзерде тутпақтаман.
Сизиң дослық қатнасықларымызды буннан былай да беккемлеў жолындағы ҳәрекетлеримизди белсене қоллап-қуўатлайтуғыныңызға исенемен.
Ҳүрметли Президент, Сизге болған терең ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Эммануэл МАКРОН
Франция Республикасы Президенти
Сондай ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Япония Императоры Акихито
Оман Султаны Қобус бин Саид
Швеция Патшасы Карл Густав ХVI
Венгрия Президенти Адер Янош
Болгария Республикасы Президенти Румен Радев
Вьетнам Социалистлик Республикасы Президенти Чан Дай Куонг
Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Халифа бин Зоид Ол Наҳаён
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмирлиги ҳәкими Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум
Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлери Бас сәркардасының орынбасары, Абу Даби Әмирлиги мийрасқоры Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён
Португалия Республикасы Президенти Марсело Ребело де Соуза
Греция Республикасы Президенти Прокопис Павлопулос
Чехия Республикасы Президенти Милош Земан
Япония ҳүкимдар Либерал-демократиялық партиясының Бас хаткери Тошихиро Никаи
Европа парламенти депутаты Фульвио Мартушелло
Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Питер Буриан
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.