Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Исеним телефоны» – 1003 қурамында күни-түни жумыс ислейтуғын «оператив байланыс» тармағы Республикалық Перинаталь орайында, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы перинаталь орайларында иске түсирилди. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Усы «оператив байланыс»тың баслы мақсети – реал ўақыт режиминде ҳаял-қызларға сапалы медициналық мәсләҳәтлер бериў, шаңарақтағы тынышсызлық жағдайлары бойынша ҳаял-қызлар тәрепинен билдирилген мүрәжатларға муўапық шаңарақты сақлап қалыўға байланыслы тийисли мәсләҳәтлерди бериў, репродуктивлик саламатлық ҳәм жынысый тәрбия бойынша халықтың билими және мәдениятын арттырыўға қаратылған және де ҳаял-қызлардың мүрәжатларында көтерип шығылып атырған мәселелерди анализлеў, улыўмаластырыў ҳәм тараўға байланыслы системалы машқалалардың алдын алыў бағдарында тийисли шөлкемлерге усыныслар киргизиўден ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги