Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи халқымыздың өзлигин аңлаў, ғәрезсиз турмыста өмир сүриў ҳәм ата-бабалардан мийрас болып киятырған миллий мийрасларымыз, қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлап, келешек әўладларға жеткерип бериўдей уллы исте тасланған әҳмийетли, тарийхый қәдем болды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толыўына арналған «Қарақалпақ тили кеше, бүгин, келешекте: әҳмийетли мәселелер» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинен Зулфия Дәўлетназарова, профессорлар Қутлымурат Қошанов, Гулмурза Қурбаниязов, Алима Пирниязова, сондай-ақ, институт профессор-оқытыўшылары, педагог хызметкерлери ҳәм студентлер қатнасты.

Конференцияда илимпазлар ҳәм излениўшилер тәрепинен қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиў тарийхы, түркий тиллер системасында қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм бүгинги күнде ушырасып атырған машқалалар, оларды шешиў ушын алдағы ўазыйпалар, қарақалпақ тили раўажланыўының ҳуқықый тийкарлары, интернет тармақларында қарақалпақ тилин раўажландырыў мәселелери бойынша баянатлар жасалды.

Баянатларда сөз етилгениндей, ҳәзирги ўақытта дүньяда алты мыңнан аслам тиллер болғаны менен, олардың тек 170 тен асламы өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе. Олар арасында қарақалпақ тилиниң де бар екенлиги үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш болып табылады.

Ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ тилиниң миллий өзгешеликлерин сақлап қалған ҳалда раўажландырыў, илимий-изертлеў жумысларын жаңа басқышқа көтериў, дүнья тиллери қатарындағы абырай-мәртебесин арттырыў, келешек әўладларға жеткерип бериўдей жумысларда сезилерли нәтийжелерге ерисилди.

Солардың бири сыпатында, жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигиниң VII  томлығы»ның баспадан шығарылғанлығын атап өтиў орынлы.

Конференцияда илаж қатнасыўшылары күн тәртибиндеги баянатларда атап өтилген мәселелер бойынша өз-ара пикир алысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы