Қытайдың қубла-батысында 5 баллы жер силкиниў жүз берди. Қытай жер силкиниў тармағы орайының мәлим етиўинше, жер силкиниў Юнон провинциясына қараслы Юши қаласы Тонгай районында  жүз берген. Бул ҳаққында xabar.uz. мәлим етпекте.

Тәбият ҳәдийсеси жердиң 7 километр астында жүз берген ҳәм дәслепки мағлыўматларға қарағанда, оның ақыбетинде кеминде бир адам жараланған, еки үйдиң дийўаллары жарылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги