Республикамыздың илим ҳәм билимлендириў тараўының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында   Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери , академик Сабыр Камаловтың тутқан орны ҳәм атқарған хызмети айрықша болып табылады.

Быйыл республикамыз бойлап өзиниң пүткил саналы өмирин илимге бағышлаған бул әдиўли инсанның 100 жыллық юбилейи кең түрде белгиленбекте.

Усындай илажлардың бири Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында  болып өтти.

«Өмирин илимге бағышлаған инсан» атамасында өткерилген бул еслеў кешесине орай хызметкерлери, илимпазлар, студентлер, алымның перзентлери ҳәм шәкиртлери қатнасты.

Кешени мағлыўмат-үлкетаныў секторының китапханашысы Айымгүл Арзымбетова басқарып барды.

Илажда  академиктиң ең жақын шәкиртлериниң бири Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты тарийх бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң докторы, профессор Асқар Жумашев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети социаллық илимлер кафедрасының доценти  Қатийра Камалова, илимий излениўши Өтебай Кеңесбаев ҳәм басқалар академик Сабыр Камаловтың өмири ҳәм илимий дөретиўшилиги, жазған китаплары, устазлық ҳәм адамгершилик пазыйлетлери туўралы кең түрде айтып өтти.

-Устаз бенен 1991-жылы дәслепки рет ушырасып, бир ярым саат даўамында бирге сәўбетлескенбиз,-дейди  тарийх илимлериниң докторы, профессор Асқар Жумашев.-Бундай үлкен лаўазымдағы алымның әпиўайы студент пенен өзиниң қымбатлы ўақтын аямастан гүрриңлесиўи ҳәм маған дурыс жол-жоба бериўи оның оғада әлпайым ҳәм ҳәр тәреплеме билимге ийе кишипейил инсан екенлигин көрсетеди. Оның аталарша ғамқорлығының арқасында, республикамызда көплеген жаслар илим менен шуғылланып, елимизде илим-билимниң раўажланыўына өзлериниң үлеслерин қосты. Бизлер устазымыздан мәңгиге  миннетдармыз.

Ҳақыйқатында да, 1924-жылы 10-сентябрь күни Қараөзек районында туўылған болажақ алым 1942-жылы Хожели педагогикалық училищесин тамамлағаннан соң,  екинши жер жүзилик урысқа атланды ҳәм қанлы саўашлардың биринде аўыр жарақат алып, узақ емленгеннен соң аўылға қайтып келди.

1948-жылы Қарақалпақстан педагогика институтының тарийх факультетин тамамлаған ол, соңынан Москвадағы Этнография институтының аспирантурасында билим алып, профессорлар С.П.Толстов ҳәм Т.А.Жданко басшылығында 1953-жылы  «Қарақалпақлар Хийўа ханлығы қурамында (1800-1873-жыллар)» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы жақлап шығады. Ал, 1969-жылы «XVIII-XIX әсирлердеги қарақалпақлар (Россия ҳәм басқа да Орта Азия еллери менен қатнасықлар тарийхый мәселеси)» темасында Ташкентте Тарийх институтында докторлық диссертациясын табыслы жақлап, профессор илимий атағына ийе болды. 1979-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының ҳақыйқый ағзасы болып сайланады.

Елимизде илим-билимниң раўажланыўына қосқан салмақлы үлеси ҳәм көп жыллық жемисли хызметлери ушын ол 1973-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери», 1974-жылы «Өзбекстан Республикасының илим ғайраткери» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланады. .

1959-1999-жыллары үзликсиз Өзбекстан Республикасы Олий Кенгаши (Мажлиси)ниң  депутаты, 1994-жылдан өмириниң ақырына шекем Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими Тарийх, археология ҳәм этнография институты жанындағы Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша ашылған кандидатлық диссертацияларды жақлаў бойынша қәнигелестирилген Кеңесиниң басшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

Академик С.Камалов 1996-2003-жыллары «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Қарақалпақстан XIX әсирдиң екинши ярымынан XXI әсирге шекем» фундаменталь китабын таярлаў ҳәм баспадан шығарыўға басшылық етип, ғәрезсизлик дәўири тарийх илиминиң жаңа басқышын, заманагөй машқалаларын белгилеп өтеди.

Сондай-ақ, Өзбекстан тарийхшылары таярлаған фундаменталь китапларда Қарақалпақстанның ХVI-ХХI әсирлер тарийхы бойынша бөлимлерди таярлады.

Оның жеке китаплары ишинде «Ерназар Алакөз – халық батыры», «XIX әсирде қарақалпақлардың мәмлекетшилигин тиклеген қаҳарман», «Вамбери – қарақалпақлар хаққында», «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетшилиги тарийхынан» шығармалары жаңаша қатнас, методологиялық көрсетпелер менен тарийх илимине үлкен үлес болып қосылды.

Академиктиң илимий мектебинен тарийх илимлериниң докторлары ҳәм профессорлары М.Тилеўмуратов, Р.Ж.Уразбаева, М.Қ.Сарыбаев, А.М.Жумашев, М. А. Қарлыбаев, тарийх илимлериниң кандидатлары, доцентлер В.В.Германова, И.В.Пискунова, М.Ә.Қарлыбаев, Р.Ш.Ахметшин, Ж.Т.Бердиев, Т.Мадреимов, Р.Ж.Базарбаев, Б.Б.Утемуратов, Т.Х.Есбергенова, Г.А.Даулетова, А.Калилаев, Э.Л.Алейникова, Г.А.Төреева, Т.А.Кудиярова, З.Б.Каллибекова, Б.М.Бекимбетов ҳәм басқалар ҳәзирги ўақытта жетик маман қәнигелер болып жетилискенлигин айрықша айтып өтсек болады.

Солай етип, ол республикамыздың халық хожалығы, экономикасы, илим ҳәм мәдениятының раўажланыўына, жоқары билим бериў системасының алға илгерилеўине, Қарақалпақстанда миллий интеллигенция кадрларының жетилисип шығыўына салмақлы үлес қосты.

-Әкемиз урыстан алған жарақатынан соң палўан сүйеги, шеп қолының жилиншиги сынып, бир қолы иске жарамсыз болып қалады. Сонда шыпакерлер оған «Сабыр енди сен тәғдирге тән берип, инвалидпен десең инвалид болып қала бересең. Бирақ, өзиң көбирек қолыңды физикалық жақтан шынықтырып барсаң, қолың  ислеп кетиўи мүмкин», дейди. Соннан баслап ағам ҳәр қыйлы гир тасларды көтерип, спорт пенен шуғылланады ҳәм оны күнделикли әдет түсине айландырады. Соңынан оның жарақат алған шеп қолы оң қолынан да күшли болды,-деп әкесин еске түсиреди алымның перзенти Қатийра Камалова.-Адам атына ылайық болады деген дурыс екен. Бизлердиң әкемиз де анаў-мынаў затқа ашыўланбайтуғын, қапа болса да онша билдирмейтуғын оғада сабырлы инсан болды. Қолынан келгенинше ҳәммеге жақсылық ислейтуғын еди. Усы пазыйлетлери бизлерге үлги болып қалды.

Кешеде студент жаслар алымның өмири туўралы баянатшыларға сораўлар берип, оларға тийисли жуўап алды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы