Новелла

Ийт бүгин әллеқандай терини сүйреп келип, ғажый баслады. Анаяғынан тиследи, мынаяғын ғайзады. Қатып қалған, қағырлап атқан териде не дәм болсын, сонда да ийтти ашлық қыйнап, ҳәр жаққа қаңғырып барып келеди, бирақ аўзына түйирли нәрсе түспей, ийесиниң ийиси қалған қосқа келип, сүйкенеди, ырылдайды ,басын еки аяғының арасына қойып, мөлерип жатады, және турады, жортқалап әлле қайлардан айланып қайтқан болады. Қостың ергенегин тайдыражақ болып, мурнын тығып әри-бери көрип еди, ишке кире алмады.

Бир жылдан берли ийт жалғыз. Ийеси кеткеннен берли ийт нағыз жетим.

Қурып қалған, сорына сорпа төгилген  қостың ишинде не болсын?

Ўақтында гүрлеген қос еди. Еки қазан қаңтарыўлы, еки қуман қозға қалаўлы ,қашан көрсең тап усы қоста азан менен  саранаў сыйырлардың гүрпилдеген сүти сапырылып писирилер, гәҳ сүтбурыш, гейде палқаймақ қатық қатылып жарма асылар, гәҳ гүби писилер, торақ тулыпқа тығылып, тап усы қара қазанда тары салынып, сөк, тақан арылмайды, мүйештеги дигирманнан жүўери үзилмейди. Күн уясына киргеннен ески фаныс дәртке жарар еди.Усы фаныс пенен өмир бойы оңысты.

Бүгин не? Бүгинлиги бәри өтирик болды ғо.

Жети перзенттиң қылығынан хабардар бир-еки жасы үлкен басыў айтып еди ,улы-қызы ҳәр жақтан тартқылап тыңлай қоймады. Ата-мәканда биреўиңиз отырың деген ақыл, қуры далаға кетти.

Жайдың бузылғанын, заттың бөлискенин көрип турған молланың кемпири де, жылт  етип, пайын алды. «Дигирманды маған береғойың, ата-анаңызға қуран оқып отырар бизиң ғарры» деген соң ҳәм зил қаратас дигирманның кимге кереги бар дедиме, сорайғойып едиң деп молланың кемпирине дигирманды бере салды. Молла да тайын тур екен, дигирманды көшеринен суўырып алып, дөңгелетип қостың аўзына қаңтарып қойған тачкаға салып, ямпаңлап тура жөнелди.

Соның менен қос босаған есабы.

Қостың тарийхы узағырақ. Совхозластырыў дәўири еди. Урыстан кейин адамлар өзлерин зордан алып, бойларын көтерер-көтермес болып, «жаңа жетистикпе, әйтеўир»  деп жағаларына түпирип жүрген жылларда, усы жерге қоныс басқан ерли-зайып нуў ерманы жыңғылды дүктиртип ҳәр жер, ҳәр жерге жыңғылдың дүзиў жеринен шыбықша ислеп, төрт тәрепке көмди де ,шыбықшаға қызыл шүберектен белги байлап, үй болмақтың ғамына кирискен еди.

***

Урыстан келген жигит көпке шекем үйленбей жүрди. Қызлар болса, үстине бойын таслап  тур. Еркектиң қыт ўақты. Жап-жас қызлар екиниң бирине қайыл еди. Айтып-айтып шаршап, «әйтеўир буйырған күни бар шығар» деп Тәжетти қыстаған менен пайдасы жоқ екенин билген ағайынлер лаппа қоя қойды. Биреў урыстан әззи болып келген десе, биреўлер басқа нәрсени айтты. Соның менен жасы болса, қырықтан өтти енди  үйлениўди қойды-аў деп үмитин үзип жүргенде  усы ҳаялы Гүлнигар тап бола кетти.  Қуралайын десе демде екен. Анаў-мынаў емес, жигирма жас киши-аў. Ҳәмме аўзын ашты, биреў таңлайын тақылдатып таңланды, биреў қызғанды, биреў бола қойсын деди.

Қырыққа шекем үйленбей жүрген салтаңбас жигитте не дүнья болсын?

Үйинен бир кийиз, бир  көрпе,  еки көрпеше пайына тийип,  бөзге түйип арқалап, жолшыбай машынларға минип ал-ҳа деп атқан усы жерге қоныс басты. Онда ерте бәҳәр еди. Келе сала аўылдың шетиндеги арнаның бойында өсип  турған  тораңғылды кесип әкелип, беккемлеп қос дүзетти. Жыңғылды еки жағын қыпсақлап, есик дейикпе, қапы дейикпе қаңғырған ийт-пышық кирмесин деп ергенек исленди. Әўели еки бөлме жай баслады, кейин және еки бөлме қосты. Мине усы өзлерине кең сарай көринген үйинде жети  перзент камалға келди. Қоныс басқан жеринде Тәжетке жумыс табыла қойды. Салы  амбарға гезекли қараўыл. Оннан артығын тилемеген Тажет сол жумысында  тапжылмастан , пенсияға шығып болыпта иследи.

 

Балларын оқытты, үйли етти,  турмысқа шығарды.  Бир жылдың ишинде қос арыс сап болды. Әўели Тажет кетти, кейин Гүлнигар….

Жети  перзент жети жақтан үй болды. Биреўи Қазақстан деди,  бири орысият деди, бири әзим шәҳәрде, бири  өзимиздиң Нөкиске жетпейди деп, тырбаңласып жай салды. Кемпир-ғаррының қолында қалып, хызмет ислейди аў дегени әўейи шығып, биреўдиң қолына кирди де кетти.

Әке-шешесиниң ас-абатын бергеннен соң гөне  жайды бузып алды.Ағашын бири, полын бири қопарды, гөне қапы менен әйнеклерди де бир нәрсеге жарар деп қалдырмады. Көрпе-төсекти бири, чайнек-кесени бири  ийеледи .Бир ҳәптеде ата-үйи теп-тегис болды.

Қостағы еки қазанды еки қыз қапшыққа салып арқалап кетти. Үлкен келин де бос қалмады.Сыры кетпеген үлкен самар, суў қуятуғын пләг пенен керек тастың аўыры жоқ деп  еки қуманды да қоса алды.

Ата-ана тири гезинде  жети балаға пана  болған,  усы жети бала өсип-өнген жер бир майданда гүл-опат болды.

Еле қәддин услап турған ески қос үйилген кесектен анық көринди. Кимдур есикти ашып ишке кирди. Еки ошақтың үйилген күли, қасында болса әтөшкир ғана қалыпты. Төбеде ески фаныс шаң басыўы менен илиўли тур. Мүйеште болса, дигирманның орны үңирейип жатыр еди…

Ийесиз қалған ийт ашық қалған есиктен зоңқ етип,  ишке кирди, бир нәрсеге түсингендей узақ улыды…

Перзентлер мийримли болып, үлкен үй ийесиз қалмасын екен.

Оралхан Сапарова.