Ассалаўма әлейкум, әзийз ўатанласлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Ханымлар ҳәм Мырзалар!
Бәринен бурын, мине, усындай қутлы күнде сиз, әзизлерди ҳәм пүткил халқымызды ең уллы ҳәм ең уллы байрамымыз – Ғәрезсизлик күни менен шын жүрегимнен қутлықлап, өзимниң ең жақсы тилеклеримди билдириўге руқсат еткейсиз.
Буннан саррас жигирма алты жыл бурын Биринши Президентимиз, атақлы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримов Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялады.
Сол күннен баслап дүнья картасында жаңа ғрезсиз ҳәм суверен мәмлекет – Өзбекистан Республикасы пайда болды.
Әзиз Ўатанымыздың көп мың жыллық тарийхында жаңа дәўир – еркинлик ҳәм азатлық, миллий тиклениў менен раўажланыў дәўири басланды.
Биз бүгин халқымыздың ерк-ықрары менен таңлап алған, ғәрезсизлик жылларында басып өткен аўыр ҳәм машақатлы, соның менен бирге, оғада абыройлы жолымызды талқылар екенбиз, қысқа бир тарийхый дәўирде өз тәғдиримизди өзимиз шешиў, дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеў, миллий мәмлекетшилигимизди, әзелий қәдриятларымыз бенен үрп-әдетлеримизди, муқаддес динимизди тиклеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында үлкен табыслар менен шеклерди қолға киргизгенимизди мақтаныш пенен тилге аламыз.
Бул табыслардың қолға киргизилиўинде Биринши Президентимиз Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың тарийхый хызметлери шексиз болғанын бүгин бәримиз, пүткил халқымыз қайтадан еске алыўымыз тәбийғый, әлбетте.
Бүгин гөззал пайтахтымыз Ташкент қаласында, Ақсарай резиденциясының алдында Ислам Әбдиғаниевичтиң ҳәйкелин аштық. 2-сентябрь күни болса Ислам аға туўылып өскен Самарқанд қаласында оның ҳәйкели ашылады.
Несип етсе, 2018-жыл 30-январьда – ол инсан туўылған күнге 80 жыл толатуғын сәнеде Қаршы қаласында Биринши Президентимизге ҳәйкел орнатыў, Самарқанд қаласында естелик комплексин қурыў жумысларын толық жуўмақлап, олардың да салтанатлы ашылыў мәресимлерин өткеремиз.
Бүгин бәримиз бир пикирде бирлесемиз: Биринши Президентимиздиң Ўатан ҳәм мәмлекет алдындағы уллы тарийхый хызметелери, өшпес естелиги халқымыздың жүрегинде мәңги жасайды.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Елимизде тынышлықты ҳәм татыўлықты, халқымыздың мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеў бағдарында бүгин алдымызда және де әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпалардың турғанын биз ҳәр тәреплеме терең аңлаймыз.
Дүнья көлеминде бәсекилик барған сайын күшейип атырған бүгинги кескин бир дәўир бәримизден жаңаша ислеўди ҳәм пикирлеўди, жоқары дәрежеде ҳәрекет етиўди талап етпекте.
Алдымызда турған әне, усы үлкен ўазыйпалардан келип шығып, елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын қабыл еттик.
Бул Стратегияда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын реформалаў, экономиканы ҳәм социаллық саланы буннан былай да раўажландырыў, қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара мәпдар ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясатты избе-из даўам еттириў сыяқлы мәселелер раўажланыўымыздың тийкарғы бағдарлары сыпатында белгилеп алынды.
Ҳәрекетлер стратегиясында «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланғаны әлбетте, тегиннен емес.
Бириншиден, бүгинги күнде барлық буўындағы ҳәкимлер, министрликлер менен ведомстволар, прокуратура, суд-ҳуқық ҳәм ишки ислер уйымлары басшылары, депутатлар менен сенаторлар тиккелей орынларға шығып, өз жумыслары бойынша халық алдында есап бермекте.
Мәҳәллеме-мәҳәлле, үйме-үй жүрип, адамлардың турмыслық машқалаларын үйренбекте, оларды нызамлы тийкарда шешиў ушын әмелий жәрдем көрсетпекте.
Екиншиден, биз экономикамызды модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм сол тәризде дүнья базарында мүнәсип және беккем орын ийелеўге тийкарғы итибар қаратпақтамыз.
Сол мақсетте өткен қысқа дәўирде социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде мыңлаған жойбарлар әмелге асырылып, жоқары технологияларға тийкарланған заманагөй заводлар менен фабрикалардың қурылып, жаңа жумыс орынларының шөлкемлестирилип атырғанын атап өтиў зәрүр.
Бүгинги ҳәм ертеңги раўажланыўымыз тиккелей байланыслы болған аўыл-хожалығы саласында структуралық өзгерислер әмелге асырылмақта.
Әсиресе, аўыл хожалығы егинлерин орналастырыўда дәстүриў қатнаслардан ўаз кешип, дийқанлардың дәраматын арттыратуғын, экспортқа бағдарланған өнимлерди жетистириўге инвестициялардың тартылып атырғаны сизлерге жақсы белгили.
Елимиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады» деген принциптен келип шығып, бүгинги күнде елимизде исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў ушын жаңа имканиятлар менен жеңилликлер жаратылмақта.
Ең әҳмийетлиси, бул сала мың-мыңлаған пуқараларымыз, бәринен бурын, жасларымыз ушын ҳадал мийнет етип, дәрамат табыўда, елдиң абаданлығын арттырыўда беккем тийкар болып атырғаны бәримизди қуўанышқа бөлейди.
Үшиншиден, социаллық салалар, әсиресе, адамларда ең көп наразылық туўдырып атырған денсаўлықты сақлаў, тәлим-тәрбия, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы, ишимлик суўы тәмийнаты, комуналлық хызмет, жол қурылысы салаларындағы бар жағдайды унамлы тәрепке өзгертиў, ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардан да хабардарсыз, әлбетте.
Көп жыллардан берли халқымызды қыйнап киятырған өткир бир машқала – арзан турақ жайлар мәселесин шешиў мақсетинде биз 2017-2021-жылларға мөлшерленген айрықша бағдарлама қабыл еттик.
Усы бағдарламаға бола келеси бес жылда 1 мың 136 көп қабатлы, арзан турақ жайлар, соның ишинде, аўыллық жерлерде жаңа үлги жойбарлар тийкарында 100 мыңнан аслам турақ жай имаратлары қурылады.
Усы күнлерде тек ғана аўыллық жерлердиң өзинде быйылғы жылда қурып питкерилген турақ жайларда 5 мыңнан аслам шаңарақ ҳәўли тойларын өткерип атырғаны, әлбетте, ҳәммемизди қуўандырады.
Бул жумысларды избе-из даўам еттириў туўралы сөз етер екенбиз, инсанлардың дәртин ҳәм тәшўишин ойлап жасаў биз ушын инсаныйлықтың ең жоқары өлшеми, ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалатуғынын айрықша атап өтпекшимен.
Себеби, халқымыз өз турмысындағы унамлы өзгерислерди келешекте емес, ал бүгин көриўди, олардан бүгин ләззет алыўды қәлейди.
Халқымыздың әне, усындай арзыў-нийетлерин орынлаў барлық басшылар менен жетекшилердиң тийкарғы ўазыйпасына айланыўы шәрт.
Төртиншиден, биз парламентлик ҳәм пуқаралық жәмийеттиң әҳмийетли институтлары болған сиясий партиялардың, жәмийетлик шөлкемлердиң жумысын жаңа басқышқа көтериўге айрықша итибар берип атырмыз.
Соның ишинде, соңғы пайытта мәҳәлле системасының, «Нураний» қорының, Ҳаял-қызлар комитетиниң, жаслар шөлкеминиң жумысын жетилистириў бойынша қабыл етилген пәрманлар менен қарарлар өзиниң дәслепки нәтийжесин берип атырғанын атап өтиў зәрүр.
Әсиресе, елимиз жасларының ҳуқықлары менен мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаў мақсетинде Өзбекистан жаслар аўқамының дүзилгени ҳәм усы шөлкемниң турмысымыздағы орнын және абыройын арттырыў, оған жаңа жеңилликлер менен имканиятлар бериў бойынша әмелге асырып атырған жумысларымыз туўралы айрықша тоқтап өтпекшимен.
Себеби, елимиздиң тәғдири менен келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға, бул жолда бар билимин ҳәм потенциалын жумсай алатуғын жигерли жасларды тәрбиялап өсириў – биз ушын ең әҳмийетли мәселе болып табылады.
Өзбекистан жаслар аўқамы өзиниң әмелий жумысы менен бәримиздиң, биринши гезекте, жасларымыздың үмитлерин әлбетте ақлайды, деп исенемиз.
Бүгинги дәўирдиң талабын, халқымыздың арзу-нийетлерин инабатқа алып, илим, тәлим-тәрбия ситстемасында да унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта. Мектеп билимлендириў системасы түп-тийкарынан өзгертилип, 11 жыллық улыўма орта билимлендириў қайта тикленбекте. Елимиздиң бир қатар аймақларында жаңа жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий ҳәм дөретиўшилик орайлар шөлкемлестирилмекте. Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары сесилерли дәрежеде кеңейтилди. Сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрлери тикленбекте.
Сондай-ақ, бул бағдарда бизди ең көп ойландырып атырған мәселелерден бири- мектепке шекемги билимлендириў системасы түп-тийкарынан реформаланбақта.
Мақсетимиз келеси 3-4 жылда елмиздеги бақша жасындағы балаларды әне, усындай билимлендириў мәкемелерине толық қамтып алыўдан ибарат ҳәм биз оған әлбетте ерисемиз. Усы мақсетте ҳәзирги ўақытта арнаўлы мәмлекетлик бағдарлама таярланбақта.
Бесиншиден, республикамызда социаллық турақлылықты тәмиийнлеў, муқаддес динимиздиң пәклигин сақлаў, диний экстремизм менен терроризмниң қәўпине қарсы гүрес алып барыў бойынша жумыслар да жаңаша қатнаслар тийкарында шөлкемлестирилмекте.
Турмыста билип-билмей адасқан адамларды дурыс жолға салыў, кеширимли болыў, оларды саламат турмысқа қайтарыў мәселелери де дыққат орайымызда тур.
Биз бир турмыслық ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаўымыз керек. Яғный қәте ислеген, жолдан адасқан адамды «жаман» деп шетке ийтерип қойсақ, ол жаман болып қала береди. Жаманды жақсы етиў, оны досқа айландырыў – бул тек ғана саламат жәмийеттиң қолынан келеди.
Жәмийетимизде саламат пикир, саламат күш үстин болыўы ушын биз руўхый турмысымызды арттырыў, халықты, бәринен бурын, жасларымызды ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден сақлаў, оларды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаў туўралы турақлы ойлаўымыз, белсене жумыс алып барыўымыз зәрүр.
Бул бағдарда әмелге асырып атырған реформаларымыз, атап айтқанда, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлериниң, дөретиўшилик аўқамлар менен ғалаба хабар қуралларының жумысын буннан былай да раўажландырыў, сала хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип қәдирлеўге қаратылған әмелий илажлар сизлерге жақсы белгили, әлбетте.
Соның менен бирге, бундай кең көлемли жумысларымыз биз баслаған реформалардың тек ғана бир бөлеги, дәслепки қәдемлер екенин атап өтиў зәрүр.
Алдымызға қойған жоқары мақсетлер менен режелеримизди ҳақыйқатқа айландырыў ушын ҳәммемиз бар күш ҳәм билимимизди аямастан, пидәкерлик ҳәм ҳүждан менен мийнет етиўимиз, инталылық көрсетип ислеўимиз зәрүр.
Сонлықтан да, келеси еки жыл бизиң жумысымызда айрықша ҳәрекет етиўди талап ететуғын дәўир болады ҳәм бул ўазыйпаны бәримиз шын жүректен орынлаўды тәмийинлеўимиз зәрүр, әлбетте. Халқымыз бизден соны күтпекте.
Бул бағдарда, әсиресе, жәмийетимизде тынышлықты-татыўлықты, өз-ара ҳүрмет пенен аўызбиршилик орталығын беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын арттырыў турақлы дыққат орайымызда болып қалады.
Қәдирли дослар!
Бүгин биз елимизди ҳәр тәреплеме модернизациялаў, структуралық өзгерислер менен демократиялық реформаларды тереңлестириў, ғәрезсизлигимизди және де беккемлеў бойынша үлкен жумысларды баслаған екенбиз, оларды әмелге асырыў сыртқы факторларға да байланыслы екенин жақсы түсинемиз.
Соның ушын сыртқы сиясатымызда узақ-жақын мәмлекетлер, бәринен бурын, бизге қоңсы болған Орайлық Азия мәмлекетлери менен жақын дослық ҳәм өз-ара пайдалы шериклик байланысларын раўажландырыў ең әҳмийетли бағдарлардан бири болып қалады. Бул бағдардағы әмелий жумысларымыздан әлбетте, халқымыз хабардар.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги салтанатымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң елшилерине ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине, сырт елли мийманларымызға пүткил халқымыз атынан миннетдаршылық билдирип, барлық мәмлекетлердиң халықларына шын жүректен қутлықлаўларды ҳәм сәлемлеримизди жоллаўға руқсат еткейсиз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгин ел-журтымыз Ғәрезсизлик байрамы менен бирге мүбәрек Қурбан ҳайытын да үлкен шады-қоррамлық пенен күтип алмақта.
Бул еки уллы байрамның әйне бир күнге туўра келиўинде де өзине тән терең ҳәм символлық мәни бар.
Мине усы имканияттан пайдаланып, сиз, әзизлерди әне усы қос әййямлар менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.
Усы жоқары минберден турып, барлық табысларымыз уллы келешегимиз дөретиўшиси ҳәм жаратыўшысы болған мәрт және жоқары мәртебели, мийнеткеш ҳәм ҳақ кеўил халқымызға тәжим етемен.
Бүгинги уллы әййям күнлеринде қәлбимдеги ең ийгиликли тилеклеримди жәмлеп айтпақшыман:
Бийтәкирар Ўатанымыздың раўажланыўы жолында садықлық пенен хызмет етиўден ҳеш қашан талмайық, шаршамайық!
Бәршемизге, әзиз елимиздиң камалын, перзентлеримиз бенен ақлықларымыздың бахыт-ығбалын көриў несип етсин!
Өзбекистанымыз мудамы гүллеп-жаснасын!
Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!