Өзбекстанда фармацевтика тараўына мәмлекет тәрепинен берилип атырған имканиятлар, сырт елли инвесторлар ушын жеңилликлер ҳәм әмелге асырылып атырған жойбарлардың көлеми кеңеймекте.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов Түркияның “Alyors Holding- Orzax İlaç” компаниясының ўәкиллери менен ушырасты.
Еслетип өтемиз, компания түрли дәри қураллары ҳәм фармацевтика өнимлериниң ислеп шығарыўшы заводларға ийелик етеди, делинеди Фармецевтика тармағын раўажландырыў агентлиги мағлыўматында. Ушырасыў алдынан “Alyors Holding- Orzax İlaç” ўәкили Орхан Алимоғлу компания ҳаққында толық айтты.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов Өзбекстанда фармацевтика тараўына мәмлекет тәрепинен берилип атырған имканиятлар, сырт елли инвесторлар ушын жеңилликлер ҳәм әмелге асырылып атырған жойбарлар, “Tashkent Pharma Park” инновациялық илимий ислеп шығарыў фармацевтика кластеринде алып барылып атырған жумыслар менен таныстырды.
Түркиялы компания ўәкиллери “Tashkent Pharma Park” инновациялық илимий өндирислик фармацевтика кластери аймағындағы жер майданларын орынға барып көрип, ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм бирге ислесиўди даўам етиўди режелестирди.
ӨзА