Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-сентябрь күни Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдўғон менен телефон арқалы сөйлести.
Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғон Түркия халқының ҳәм өзиниң атынан мәмлекетимиз басшысын және көп миллетли Өзбекистан халқын Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы ҳәм мүбәрек Қарбан ҳайты менен шын жүректен қутлықлады.
Өзбекистан Президенти шын жүректен қутлықлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирип, барлық мусылманлардың мүбәрек байрамы мүнәсибети менен Түркия басшысына ҳәм туўысқан түрк халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Еки мәмлекет басшыларының 2016-жыл ноябрь айында Самарқанд қаласында ҳәм быйылғы жылдың май айында Пекин қаласында болып өткен нәтийжели ушырасыўлары барлық салаларда өз-ара қатнасықлардың буннан былай да жеделлесиўинде үлкен әҳмийетке ийе болғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслардың жеделлескени, өз-ара исенимге тийкарланған әмелий руўхтағы сиясий пикирлесиўдиң раўажланып атырғаны атап өтилди.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышта раўажланбақта.
Бүгинги күнде өз-ара саўда-сатықтың көлеми турақлы артып атырғаны бақланбақта. Өзбекистан менен Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында заманагөй жоқары технологиялы кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм инфраструктураны модернизациялаў бойынша перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң көлеми сезилерли дәрежеде кеңейди, билимлендириў менен денсаўлықты сақлаў салаларындағы байланыслар раўажланбақта.
Мәмлекет басшылары болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар еки дос халықтың арасындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге, кең көлемли ҳәм ҳәр тәреплеме Өзбекистан – Түркия шериклигин тереңлестириўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
ӨзА