«Бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында қала ҳәм районларымыз үлкен дөретиўшилик майданына айланып бармақта. Әсиресе, елимиздиң тарийхына, көркем-өнерине, мәдениятына қаратылып атырған жоқары итибар халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Елимиз ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамы алдынан және бир тарийхый ўақыяның гүўасы болып турмыз»… Бай тарийхымыздан, мәдениятымыздан сөйлейтуғын, ата-бабаларымыздан киятырған бийбаҳа мийрасларды өзинде жәмлеген қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң жаңа экспозициясының ашылыў мәресими усындай сөзлер менен басланды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары К.Хакимова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, музей ата-бабаларымыздан мийрас қалған материаллық ҳәм руўхый байлықларды қәстерлеп-сақлаўда, оларды келешек әўладқа жеткериўде айрықша орын ийелейтуғынын, бүгинги күнде бул жерде оғада баҳалы экспонатлар, соның ишинде, халқымыздың дөретиўшилиги, көркем өнери менен байланыслы бай экспонатлар жәмленгенин атап өтти. Музей директоры Г.Изентаева имараттың сапалы қурып питкерилиўине мүнәсип үлес қосқан барлық мәкеме ҳәм шөлкемлерге, қолы гүл қурылысшыларға терең миннетдаршылық билдирди.
– Биз ҳақыйқатында да бахытлы инсанлармыз, себеби, усындай бийбаҳа музей бизиң қаламызда жайласқан, – дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти У.Пахратдинова. – Бул жерде халқымыздың орта әсирлерге тән болған мүсиншилик, зергерлик, тоқымашылық, гүлалшылық ҳәм басқа да бийбаҳа дөретиўшилик жумыслары өз көринисин тапқан. Сонлықтан-да, бул музей дүнья халықлары тәрепинен «Саҳрадағы Лувр», «Қумлар ишиндеги гәўҳар» ҳәм «Дүньның ең жақсы музейлериниң бири» деп баҳаланып келмекте.
Экспозиция заллары заманагөй көринистеги сулыў имараттың екинши ҳәм үшинши қабатында жайласқан болып, 500 ден аслам Россия, Өзбекистан, Қарақалпақстан художниклериниң живописьлик, графикалық, мүсиншилик ҳәм қолланба қол өнери дөретпелери қойылған. Екинши қабатта қарақалпақстанлы художниклердиң заманагөй дөретпелери республикамыз сүўретлеў өнериниң 1960-1990-жыллар аралығында қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў тарийхы, дөретиўшилик өзгешелиги ҳаққында сөз етеди. Үшинши қабатта 20-30-жыллардағы өзбекстанлы художниклердиң, соның менен бирге, ХХ әсир орыс художниклериниң жумыслары жайласқан.
Бул жерге келгенлер мәдений турмысымыздағы мазмунлы ҳәм итибарға ылайық жаңалалықлардың гүўасы болатуғыны сөзсиз.
Мәресимди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.
М.ИГИЛИКОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы