Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар шеӊберинде Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты хызметкерлери Арал теӊизиниӊ қурыған түбинде шорланған топырақларда жетистириў ушын бейим өсимлик түрлерин анықлаў бойынша сынақлар өткермекте.

Онда өсимликлердиӊ тек ғана экстремал шараятларға бейимлесиў қәбилетине емес, ал экосистеманыӊ биологиялық функцияларын тиклеў имканиятларына да айрықша итибар қаратылмақта. Өсимлик қапламасын тиклеў топырақты турақластырыў, шаӊ боранларыныӊ дәрежесин төменлетиў ҳәм региондағы микроклимат шараятларын жақсылаўға жәрдем береди.

Сынақ жумыслары нәтийжелерине бола, шорланған жерлерде өсиўге еӊ бейимлескен өсимликлер анықланады ҳәм ислеп шығарыўға усыныс етиледи. Алынған мағлыўматлар шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм Арал аймағы экосистемасын тиклеў бойынша стратегияларды ислеп шығыўға жәрдем береди, бул болса, өз гезегинде, жергиликли халықтыӊ турмыс сапасын жақсылаўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги