“Жас художниклер” таӊлаўыныӊ жеӊимпазлары анықланды

Мәмлекетимиз басшысыныӊ 2022-жыл 19-январьдағы “Мәҳәллелерде жаслар менен ислеў системасын жетлистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўы шеӊберинде жаслардыӊ сүўретлеў өнерине болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў, сүўретшилик көркем өнери ҳаққындағы теориялық ҳәм әмелий билимлер менен кеӊнен таныстырыў арқалы олардыӊ кәлби ҳәм санасында миллий өзликти аӊлаў, ата-бабалардыӊ мийрасына ҳүрмет сезими, жоқары көркем-эстетикалық талғам ҳәм сананы жетилистириў ҳәм жаслар арасында миллий ҳәм заманагөй мәдениятты үгит-нәсиятлаў мақсетинде республикамыздыӊ барлық аймақларында “Жас художник” таӊлаўыныӊ районлық, қалалық, ўәлаятлық басқышлары өткерилди.
Жеӊимпазлар таӊлаўдыӊ республикалық басқышында қатнасып, өз қәбилетлерин көрсетиў ҳуқықын қолға киргизди. Сырдәрьяда Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниӊ басламасы менен шөлкемлестирилген “Жас художник” таӊлаўыныӊ республикалық басқышы өткерилди. Таӊлаўда республикамыздыӊ түрли аймақларынан келген 16-22, 23-30 жас категориясындағы 28 қәбилетли жас қатнасты.
Таӊлаў қатнасыўшыларыныӊ дөретиўшилик жумыслары төрешилер коллегиясы ағзалары тәрепинен 10 баллық баҳалаў системасы арқалы баҳаланып барылды. Онда жас художниклер тәрепинен жаратылған дөретиўшилик жумыстағы техникалық қәбилет (реӊлер менен ислесиў, жақтылық ҳәм саяларды ислеў қәбилети), композицияныӊ ислениў қәбилети ҳәм оныӊ жуўмақланғанлық дәрежеси, дөретиўшилик жумыслардағы көркемлик идеясыныӊ тамашагөй ҳәм дөретпениӊ алдына қойылған ўазыйпаларға сәйкеслиги инабатқа алынды.
16-22 жас категориясында 1-орынға сурхандәрьялы Карина Худойназарова ийе болған болса, 2-орынға сырдәрьялы Фаррухбек Мамадиёров, 3-орынға қашқадәрьялы Асал Бекмуратова мүнәсип деп табылды.
23-30 жас категориясында 1-орынға қарақалпақстанлы Айнур Сапекеева, 2-орынға самарқандлы Мухлиса Файзуллаева, 3-орынға ташкентли Ботиржон Исмоилов ийе болды.

Жеӊимпазлар таӊлаў режесине тийкарланып ақшалай сыйлықлар, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Ғулом ПРИМОВ,
ӨзАныӊ хабаршысы