Нодирбек Абдусатторов жәҳән чемпионлығы ушын беллеседи

321

26-31-декабрь күнлери Нью-Йорк қаласында  рапид ҳәм блиц шахмат бойынша жәҳән чемпионаты болып өтеди.

Чемпионатқа бүгинги күни дүнья рейтингинде жоқары орынларды ийелеп киятырған 20 шахматшы қатнасады.

Тилекке қарсы, буннан бир неше күн алдын жәҳән шахмат тажын қолға киргизген ҳиндстанлы Гукеш Доммаражу бул жәҳән чемпионатында қатнаспайтуғын болды ҳәм оның аты турнир қатнасыўшылары дизиминен шығарып тасланды. Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста өзбекстанлы Нодирбек Абдусатторов та қатнасып, жәҳән чемпионлығы ушын гүрес алып барады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы