Дүньяныӊ еӊ перспективалы туризм мәнзиллери дизиминде Өзбекстан биринши орынды ийеледи

292

Wanderlust туризм журналы ҳәр жылы Reader Travel Awards ушын дүньядағы еӊ сүйикли мәнзиллерге даўыс бериў бойынша сораўнама өткерди. Быйыл 168 мыӊ турист 22 түрли категорияда даўыс берди. Оқыўшылар өзлериниӊ сүйикли первпективалы бағдарлары ушын да даўыс берген ҳәм Өзбекстанды еӊ перспективалы раўажланып атырған бағдар деп атап өткен.

Журналда «Өзбекстан өзиниӊ тарийхый байлықларынан тысқары, Қызылқум шөлиниӊ шексиз кеӊликлеринен тартып Арал теӊизи бойларына шекемги болған әжайып тәбийғый көринислерге ийе екени, бирақ бул гөззаллықлар көбинесе мүнәсип итибардан шетте қалатуғыны» атап өтилген.

«Бирақ, бул Өзбекстанда көриў мүмкин болған барлық нәрсе емес. Мәмлекет аймағында Нурата таўлары жайласқан. Сондай-ақ, Өзбекстанныӊ узақ виношылық тарийхы ҳәм ЮНЕСКОныӊ материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилген палаў менен танысыў арқалы өзбек мәдениятына тереӊирек сүӊгиў имканиятлары да бар», – делинбекте.

Дизимде Албания екинши, Қатар болса үшинши орынды ийеледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги