Сенаттың екинши жалпы мәжилиси даўам етпекте. Мәжилистиң ашылыўында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң парламент, атап айтқанда, Сенат алдына қойған әҳмийетли ўазыйпаларына итибар қаратылды.

Сенаттың биринши мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы мәмлекетимиздиң кейинги сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў бойынша стратегиялық бағдарларын белгилеп бергени атап өтилди.

Соннан келип шығып, кеңес қарары менен Сенаттың перспективаға мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасы қабыл етилди. Онда Сенат алдына қойылған тийкарғы ўазыйпаларынды әмелге асырыў бойынша қырыққа шамалас анық илажлар ҳәм оларды әмелге асырыўдың анық механизмлери ашып берилген.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева  нызамшылық тараўында жаңа системада ислеў жолға қойылғанын атап өтти.

-Президентимиздиң атап өткениндей, нызамларда аймақлық ҳәм улыўма мәмлекетлик мәплердиң үйлесиўине ерисиў керек, деди Т.Норбоева. – Бәринен бурын, нызамларды жергиликли кеңеслер менен додалаў процесине тек ғана орынлардағы депутатларды емес, ал барлық жәмийетшиликти, мәҳәлле белсендилерине шекем нызам дөретиўшилиги процесине және де кеңнен тартамыз. Ендигиден былай, Сенат бул бағдарда тийкарынан депутатлар менен бирге ислейди. Нызамшылық усынысы биринши гезекте төменнен, жергиликли дәрежеден келип шығыўына ериседи. Парламент қадағалаўын алып барыўда тийкарғы итибар аймақларға қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен социаллық-экономикалық тараўларда анық ўазыйпалар ҳәм үлкен шеклер қойылмақта. Мысал ушын, Президентимиз тәрепинен тастыйықланған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасына муўапық, келеси жылда 1,2 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў ушын әҳмийетли социаллық мәселелерди шешиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, энергетика, транспорт, қурылыс, аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги, медицина, спорт, мәденият, экология, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы көплеген социаллық-экономикалық тараўларды да бүгинги күн талаплары тийкарында, халыққа жеңиллик жаратыў көзқарасынан раўажландырыў бойынша зәрүр илажларды белгилеп берди. Соған тийкарланып ўәлаят ҳәкимлери тәрепинен ҳәр бир аймақты раўажландырыў бойынша бағдарламалар усыныс етилди. Онда ҳәр бир аймақтың өзине тән өзгешеликлеринен ҳәм реал машқалаларынан келип шықпақта.

Ендигиден былай, бул бағдарламалардың «мәҳәлле – район – ўәлаят» кесиминде орынланыўын тәмийинлеўге, әсиресе, социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша «қызыл» аймақларға Сенат ҳәм жергиликли кеңеслер тәрепинен айрықша итибар қаратылады. Мақсет биреў: адамларды разы етиў!, -деп айрықша атап өтти Сенат Баслығы.

                                                                                                                     ӨзА