Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасында «Бухгалтерлер ҳәм аудиторлар күни» мүнәсибети менен миллий бухгалтерлик ҳәм аудиторлық кәсибиниң заманагөй раўажланыўы, машқалалары ҳәм перспективаларына бағышланған республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Онда жетекши жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, аудиторлар, бухгалтерлер, докторантлар, излениўшилер, магистрантлар ҳәм зийрек студентлер қатнасты.

Илажда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Т.Нурымбетов, Экономика факультети деканы К.Кудияров, Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң Бухгалтериялық есап кафедрасы профессоры Р.Дусмуратовлар шығып сөйлеп, бухгалтерия ҳәм аудит тараўының заманагөй раўажланыў бағдарлары, халықаралық тәжирийбелер, миллий стандартлар ҳәм инновациялық көзқараслар ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Илимий-әмелий конференцияның шөлкемлестирилиўи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған бухгалтериялық есап ҳәм аудиторлық жумысы менен байланыслы кең көлемли реформаларға қосымша илаж болып, келешекте профессионал бухгалтер, аудитор ҳәм басқа экономикалық кәсиплерди ийелеўге умтылып атырған, қызығыўшы ҳәм зийрек студентлер ушын оғада әҳмийетли болып табылады.

Бул илимий-әмелий конференция миллий бухгалтерия ҳәм аудит системасының заманагөй раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып, тараўға байланыслы жаңа идея ҳәм көзқарасларды әмелиятқа енгизиўге салмақлы үлес қосады. Конференция бухгалтериялық есап ҳәм аудит тараўында алып барылып атырған трансформация процесслери, оның раўажланыў бағдарлары ҳәм жүзеге келип атырған машқалаларын кең жәмийетшилик арасында додалап барыў ҳәм тараўдың еле де раўажланыўы ушын зәрүр есапланады.

Илажда қатнасыўшылардың тараўдағы айырым мәселелер бойынша пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги